Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-август күни мәмлекетимизде рәсмий сапарда болып турған Ҳиндстан Республикасы сыртқы ислер министри Сушма Свараж ханымды қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қызғын қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары избе-из раўажланып атырғанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Усы жылдың июнь айында Циндао қаласындағы Шанхай бирге ислесиў шөлкеми саммити шеңберинде болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм оның жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлер әмелий бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеп алыў имканиятын берди.

Сөйлесиўде еллеримиз арасындағы кең көлемли, бәринен бурын саўда-экономикалық, инвестициялық, инновациялық ҳәм мәдений гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

Фармацевтика ҳәм медицина, информация технологиялары, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да тармақларда бирликтеги жойбарларды әмелге асырыўдың перспективалары додаланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Ҳиндстанға болажақ мәмлекетлик сапары Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасындағы әзелий көп әсирлик дослық байланысларына тийкарланған қатнасықларда жаңа дәўирди баслаўға, еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да жоқары басқышқа алып шығыўға қаратылғаны айрықша атап өтилди.

Халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың тәреплерди қызықтыратуғын әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысты.

Сыртқы ислер министри Сушма Свараж мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыл еткени ушын терең миннетдаршылық билдирип, Ҳиндстан Республикасы Президенти Рам Натҳ Ковинд ҳәм Бас министри Нарендра Модидиң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Ҳиндстан ҳүкимети елимизди жедел социаллық-экономикалық раўажландырыўға, халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыўға қаратылған Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм жаңаланыўларды толық қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

Ҳиндстан елимиздиң регионда қәўипсизлик, турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеў бағдарындағы басламаларын жоқары баҳалайтуғыны ҳәм қоллап-қуўатлайтуғыны атап өтилди.

Сушма Свараж Ҳиндстан Республикасының Өзбекстан Республикасы менен көп қырлы бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге умтылыўы исенимли екенин атап өтти.

ӨзА