Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Нурдинжон Исмоилов Ҳиндстан сыртқы ислер министри Сушма Свараж басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасты.

Өзбекстан – Ҳиндстан бирге ислесиўи социаллық-экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўларда избе-из раўажланып бармақта. Еки ел делегацияларының сапарлары бул бағдарда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Ушырасыўда өз-ара байланыслардың перспективалары, соның ишинде, парламентлераралық қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыў арқалы еллеримиздиң бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў мәселелери ҳаққында сөз етилди.

Мийманларға елимизде Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысты жетилистириў, суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў, экономиканы либералластырыў, қәўипсизлик ҳәм миллетлераралық татыўлықты, диний кеңпейилликти тәмийинлеў және өз-ара пайдалы, әмелий сыртқы сиясат тараўында алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Делегация ағзалары, сондай-ақ, төменги палатаның жумысы ҳәм дүзилиси, депутатлық бирлеспелери, комитетлер, комиссиялар ҳәм сырт ел парламентлери менен бирге ислеў шеңберинде шөлкемлестирилген дослық топарлары, нызамшылық системасындағы жаңалықлар менен таныстырылды.

Сөйлесиў даўамында тәреплер парламентлераралық қатнасықлар турақлы раўажланып атырғанын, соның менен бирге оны еки ел потенциалы дәрежесинде жаңа басқышқа алып шығыў ушын еле иске қосылмаған имканиятлардың бар екенлигин атап өтти.

Ҳиндстан Сыртқы ислер министри Сушма Свараж парламентлераралық байланысларды турақлы жолға қойыў басқа бағдарлардағы бирге ислесиўдиң раўажланыўына тийкар болып хызмет ететуғынын атап өтти. Еки елдиң әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша көзқарасларының уқсаслығы, мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық байланысларды буннан былай да раўажланыдырыў мақсети бирдей екенлигин айрықша атап өтти.

Ушырасыўда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажланыдырыўға байланыслы басқа да мәселелер бойынша  пикир алысылды.

ӨзА