Президентимиздиң басламасы менен 2017-жылдан берли ҳәр жылы август айының биринши екшембиси Өзбекстан Республикасы темир жол транспорты хызметкерлери күни сыпатында кеңнен белгиленбекте. Самалдай тез, ушқыр электропоездда мәнзилге қарай барар екенбиз, бул сапардың негизинде қаншадан-қанша темиржолшылар, қурылысшы ҳәм инженер, жол қурыўшылардың машақатлы, пидайы мийнетиниң бар екенлиги ҳаққында көп ойлап отырмаймыз.

5.JPG

Пайтахтымыздағы «Темиржолшылар» орайлық мәденият сарайында тараў хызметкерлери күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген салтанатлы илажға мине усындай пидайы, өз жумысына садық ўәкиллер мирәт етилди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетине байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары, «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң басқарма баслығы О.Раматов оқып еситтирди.

11.JPG

Мәмлекетимиз басшысының пәрманына бола тараўдың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған бир топар хызметкерлерге Ўатанымыздың жоқары атақлары, орден ҳәм медальлары салтанатлы түрде тапсырылды.

«Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети тәрепинен 2018-жылы жаңа темир жоллар қурыў, транспорт-логистика инфраструктурасын раўажландырыў, жолаўшыларға көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыў бойынша бир қатар перспективалы жойбарлар табыслы әмелге асырылды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы, қабыл етилип атырған көплеген пәрман ҳәм қарарлары тийкарында Ташкент қаласында жер асты ҳәм жер үсти метро қурылысының жумыслары да усы структура тәрепинен әмелге асырылмақта. Улыўма узынлығы  325 километр болған «Қаршы-Термиз» темир жол линиясы толық электрлестирилди. Усы жылдың 9-январь күни болса Ташкенттен Термизге шекем электропоездлар қатнаўы жолға қойылды. Әййемги Сурхан үлкесинде дизель жанылғысы менен ҳәрекет ететуғын типловозлардың орнын енди заманагөй, жоқары қуўатлыққа ийе электровозлар ийеледи. Ҳәзирги күнде «Пап-Наманган-Әндижан» ҳәм «Қаршы-Китоб» линияларында электрлестириў жумыслары жедел түрде даўам еттирилмекте.

Усы жыл екинши мәрте кәсиплик байрамын белгилеп атырған темир жолшылардың әмелге асырып атырған дөретиўшилик жумыслары, хызмет көрсетиў бағдарындағы ис-ҳәрекетлери ҳаққында көплеген мысаллар келтириў мүмкин.

Байрам илажында Ташкент қаласы ҳәкиминиң ўазыйпасын атқарыўшы Ж.Ортиқхўжаев ҳәм басқалар тараў хызметкерлерин байрам менен қутлықлап, елимизде халқымыздың турмыс абаданлығын буннан былай да арттырыў, адамлардың аўырын жеңил, узағын жақын етиў, барлық тараўлар сыяқлы темир жол транспорт тараўының хызметкерлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, мийнетин мүнәсип қәдирлеў ҳәм ҳүрметлеў бағдарындағы әмлеий ғамқорлықлар ушын миннетдаршылық билдирди.

10.JPG

Көркем өнер шеберлери ҳәм дөретиўши жаслардың қатнасындағы үлкен концерт бағдарламасы илажға және де көтериңкилик бағышлады.

9.JPG

Н.УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы