Өзбекстан Республикасындағы жоқары оқыў орынларының сыртқы бөлимлериндеги тәлим бағдарларына қабыллаў ушын абитуриентлер усы жылдың 20-август күнинен баслап тест тапсырады. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң баспасөз хызмети хабар бермекте.

Тест сынақлары еки сменада өткериледи.

Министрлик ЖООлардың сыртқы бөлимлерине оқыўға қабыллаў ушын тест сынақлары өткерилетуғын орынлардың дизимин де тастыйықлады.

Бул ҳаққында және толық мағлыўмат беремиз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.