Тест сынақларында 18 жоқары оқыў орынларының 98 тәлим бағдарында 57 мың 728 абитуриент қатнасты, ҳәр қыйлы себеплерге бола 1443 абитуриент тест сынақларына келмеген.

Тест сынақларының тәртип-қағыйдаларын бузғаны ушын 292 абитуриент, соннан 161 абитуриент тест өткериў орнына кириў ўақтында уялы телефон, шпаргалкалар алып кириўге ҳәм басқа биреўлердиң орнына кириўге ҳәрекет еткенлиги ушын, 131 абитуриент тест процесинде шпаргалкадан пайдаланыўға ҳәм басқа абитуриентлерге жәрдем бериўге ҳәрекет еткенлиги ушын тест сынақларынан шетлетилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.