Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде республикамыз делегациясының сырт еллерге сапары даўамында дүзилген инвестициялық жойбарлардың ҳәм басқа да шәртнамалардың орынланыў барысы, бул бағдарда орын алып атырған айырым машқалалар және оның шешими бойынша алда турған ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Б.Асадов, Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети баслығының биринши орынбасары Л.Қудратов, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икрамов қатнасып, Президентимиздиң басшылығында сырт еллер менен ҳәр тәреплеме байланысларды раўажландырыў, сырт ел инвесторларын тартыў бойынша алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, елимизде сырт ел инвесторларының жумыс алып барыўы ушын бир қатар жеңилликлер және кең имканиятлар жаратылған. Соның нәтийжесинде сырт ел исбилерменлериниң елимизге болған қызығыўшылығын барған сайын артып бармақта.

Быйылғы жылдың өзинде республикамызға Германия, АҚШ, Қытай, Чехия, Япония, Қубла Корея ҳәм Туркия мәмлекетлериниң исбилерменлери менен ири компанияларының ўәкиллери келип, бирге ислесиў бойынша келисимлерге ерисилди. Өз гезегинде республикамыз делегациясының сырт еллерге сапары шөлкемлестирилип, оның шеңберинде 10 ға шамалас меморандумға қол қойылды.

Усы сапар ўақтында дүзилген инвестициялық жойбарлардың ҳәм басқа да шәртнамалардың орынланыў барысын ҳәр тәреплеме үйрениў бойынша дүзилген жумысшы топар ағзалары республикамызда болып, оның орынланыў барысы үйренип шығылды. Илаж барысында елимиздиң Қытай Халық Республикасындағы, Япониядағы, Қубла Кореядағы, Инденозиядағы, Германиядағы, Кувейттеги, АҚШтағы, Россия Федерациясындағы елшилери менен тиккелей видеобайланыс орнатылып, инвестициялық жойбарлардың ҳәм басқа да шәртнамалардың орынланыў барысы додаланды. Усы жылдың сентябрь айында республикамызда инвестициялық форум өткериў режелестирилген. Әлбетте, бул илаж сырт еллер менен саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық салаларда бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.

Илаж соңында бул бағдардағы жумысларды еле де жетилистириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

 

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.Ҳәбибуллаевтың түсирген сүўретлери