Мәмлекет басшылары өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў ушын бир-бири менен жоқары дәрежедеги ушырасыўлардан тысқары, гейде бир мәселени телефон арқалы да шешиўи әдетке айланған. Бул ҳаққында Reuters информациялық агентлиги жазады.

Дипломатияның бул түри кейинги ўақытларда үрдиске айланбақта. Сонлықтан АҚШ ҳәм Россия президентлери қайсы мәмлекет басшылары менен сымлы байланыста болғаны анықланды. Нәтийжеде өзине тән «телефон дипломатиясы»ның рейтинги дүзилди.

Дональд Трамп президентлик тахтына 2017-жылдың январь айында отырған болса, 2018-жылдың июль айына шекем 40 мәмлекет басшылары менен 200 мәрте қоңыраўласқан.

Ең көп Франция басшысы Эммануэль Макрон менен телефон арқалы сөйлескен. Ол 19 ай даўамында франциялы кәсиплеси айырым бирге ислесиў мәселелерин саррас 25 мәрте телефонда шешкен.

Оның сымлы байланыстағы «екинши сырласы» Англия бас министри Тереза Мэй болған. Трамп Англия басшысы менен 22 мәрте қоңыраўласқан. Россия Федерациясы президенти Владимир Путинниң телефонда ең көп сөйлескени  Туркия басшысы Режеп Таййип Эрдўған болған.

Ол 2017-жылдың январь айынан 2018-жылдың июль айына шекем туркиялы кәсиплеси менен 28 мәрте сөйлескен. Путинниң ең жақын сәўбетлеслериниң арасында Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев екинши орында турады. Бул дәўир ишинде Путин ҳәм Назарбаев 17 мәрте телефон арқалы сөйлескен. Путин ҳәм Дональд Трамп болса бир-бири менен тек  8 мәрте ғана телефонда сөйлескен екен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги