Интернет тармағында жерге таслап жиберилсе де жарылмайтуғын ғарбыз ҳаққындағы видеоролик пайда болды, деп хабар бермекте Sputnik басылымы.

Роликти түсирген адамның айтыўына қарағанда, бул «жабайы ғарбыз» болыўы мүмкин. Әдетте пискен ғарбыз жерге урсаң жарылады. Бирақ, бул ғарбыз болса баскетбол тобына уқсап жерде секиреди.

Айрым пайдаланыўшылар бул видеороликке «өзбекше баскетбол» деп ат бермекте.

Видеоны төменде тамашалаўыңыз мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги