Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 27-июль күни жынаятшылықтың ерте алдын алыў бағдарындағы жумыслардың бүгинги жағдайы, бул бойынша ишки ислер уйымлары ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин арттырыў, системада жүзеге келген машқалалар менен кемшиликлерди сапластырыў мәселелерине бағышланып болып өткен  видеоселектор мәжилисинен келип шығатуғын ўазыйпаларға арналған ушырасыў болып өтти.

Илажға қала ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары, ишки ислер уйымларының хызметкерлери, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң мәсләҳәтшиси, генерал-полковник З.Алматов шығып сөйлеп, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимиздиң тынышлығын сақлаў, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў, ишки ислер системасын реформалаў, жынаятшылықтың ерте алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ишки ислер уйымлары тараўында айтарлықтай өзгерис және жаңаланыўлар жүз бермекте. Тараў жумысларын жетилистириўге байланыслы бир қатар ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи, профилактика инспекторларының хызмет жайлары ҳәм жеңилликли кредитлер есабынан автомашиналар алыўы, ишки ислер уйымлары басшыларының ҳәр шеректе депутатлар, соның менен бирге халықтың алдында есап берип барыўы нызам үстинлигин тәмийинлеў, жынаятшылықтың алдын алыўда унамлы нәтийжесин бермекте. Әмелге асырылған усындай  жумыслар нәтийжесинде республикамызда жүз берген улыўма жынаятлардың саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 542 ге азайыўына ерисилди. Соның менен бирге, 242 пуқаралар жыйыны аймағында, 11 районда жаслар тәрепинен исленген улыўма жынаят жүз бермеди. Жазаны өтеў орынларынан босап келген 248  пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Усындай жетискенликлер менен бир қатарда, орын алып атырған кемшиликлер де аз емес. Видеоселектор мәжилисинде атап өтилгениндей, ишки ислер уйымлары бүгинги күни шын мәнисиндеги «Халықшыл ишки ислер уйымлары»на айланбай атыр. Нызам үстинлигин тәмийинлемей, жынаятшылықтың алдын алмай турып, халықтың исенимин ақлаў мүмкин емес.

– Ҳәмме бирдей жең түрип, машқалалардан толық хабардар болып, оларды шешиўге көмеклесип, жынаятшылықтың ерте алдын алып ҳәм оның тийкарғы мәнисин түсиндиргенде, бүгинги жағдай ҳәм цифрлар улыўма басқаша болатуғын еди, – деген еди мәмлекетимиз басшысы. – Тилекке қарсы жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында елеге шекем ески жумыс ислеў системасынан ўаз кеше алмай атырмыз.

Ендигиден былай, ҳуқық қорғаў уйымларында «Жынаят ҳақыйқаты ҳәм әдалат» деп аталған пүткиллей жаңаша система шөлкемлестириледи. Бундағы тийкарғы мақсет, жуўапкер басшылар орынларға барып жынаятлардың себеплерин үйренеди, додалайды, қайталаныўдың алдын алыўға қаратылған анық илажлар көреди. Соның менен бирге,  елимиздиң барлық аймақларында Ташкент қаласында басланған «Қәўипсиз қала» концепциясы жолға қойылады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов, Қарақалпақстан Мусылманлар қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, ишки ислер уйымларының ветераны, отставкадағы генерал-майор Ж.Шылманов, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық кеңесиниң баслығы А.Данияров, Ишки ислер министрлигиниң Қарақалпақстан академиялық лицейи оқыўшысы Д.Татеновлар шығып сөйлеп, видеоселектор мәжилисинде Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалар, жынаятшылықтың ерте алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиўде бирге ислесиўди күшейтиў, жасларға жаратылып берилип атырған шараятлар, алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Илаж соңында 16 жасқа болған бир топар жасларға Өзбекстан Республикасы пуқаралық паспортлары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.Ҳәбибуллаевтың түсирген сүўретлери