Турмыста инсан айырым жағдайларда өзин жойтып қоятуғын қурамалы машқалаларға ушырасады. Кескин жағдайдан шығыўдың илажы жоқдай сезиледи. Қыйын пайытта, жумыста ҳәм турмыста, жәмийетте аўыр жағдайларға ушырағанда ким өзин, өз жолын жойытпаўы мүмкин? Өз күшине исенген, саналы, мәнаўий дүньясы бай болған адам ғана бундай жағдайдан ашық жүз бенен шыға алады.

Бул руўхый қуўатлылық дурыс тәлим-тәрбия тийкарында қәлиплеседи.

Ҳәзирги ўақытта елимизде жас әўладтың тәлим-тәрбиясы, олардың руўхый дүньясына итибар қаратылып, келешекте жақсы қәниге болыўы, бос ўақтын мазмунлы өткериўи ушын илажлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан жаслар аўқамының Бухара ўәлаяты Ғиждувон районлық кеңеси, районлық руўхыйлық үгит-нәсият орайының ҳәм жаслар бөлиминиң бирге ислесиўинде кешки бақлаў-рейдлери даўамында жас өспиримлердиң түнде көшеде,  кеўилашар орынларда жүретуғыны бойынша 6 компьютер ойнаў орынлары ҳәм 4 түнги клубта үйрениў жумыслары алып барылды.

Үйрениўлер нәтийжесинде колледж ҳәм мектеп оқыўшыларының компьютерханаларда мийримсиз руўхтағы ойынлар менен шуғылланып атырғанлығы анықланды. Олардан бири Шариф Назиров (аты-фамилиясы өзгертилген) болып есапланады. Оның шаңарағы, оқыўы, жүрис-турысы толық үйренилгеннен соң, шаңарақлық машқалаларының бар екенлиги белгили болды.

Толық қәлиплеспеген шаңарақ орталығы оның өз жолынан адасып, пайдалы мийнет ислемей жасаўына себеп болып атырған еди. Ата-анасы ажырасқаннан соң, әкени перзентиниң бар  екенлиги қызықтырмаған, ана болса нәресте перзентин таслап Россияға жумыс ислеў ушын кеткенинен дерлик он бес жылдан берли дереги болмаған. Бала қартайған апасының қолында қалған. Турмыста өз орнын табыў, дослары сыяқлы толық турмысы болыўын қәлейтуғын бул жас өспиримди түсинетуғын, оған дурыс жол көрсететуғын, қоллап-қуўатлайтуғыны жоқ.

-Үйге барыўды қәлемеймен,-дейди ол. -Ҳеш ким мениң менен қызықсынбайды, жағдайымды сорамайды. Үйде мени ҳеш ким күтпейди. Бул жерде ойын ойнап  ўақыт өткеремен. Бул өзиме жағады.

Бул өспиримге жуўапкер шөлкемлердиң жәрдеми берилди. Оған дурыс жол көрсетилди. Бос ўақтын мазмунлы өткериўи ушын кәсип-өнер дөгереклерине барыўы тәмийинленди. Бирақ, елимизде Шариф сыяқлы өз жолын табалмай атырған жас ул-қызлар, шаңарақтың қәдирине жетпей атырған, перзентлерине итибар бермей атырған ата-аналардың тәғдири не болады!

Мине машқаланың, тәрбияда жол қойылып атырған қәтениң басланыўы қайжерде. Перзент көрип, оның тәғдирин ойламайтуғын, тәғдир ҳүкимине таслап қойып, тек жасаў дәрти менен жанатуғын ата-аналардың қәтеси бул. Нәтийже де болса балаларымыздың минез-қулқында унамсыз өзгерис жүзеге келеди. Келешеги де белгисиз.

Өзгериўшең минез-қулқ – адамның жумысы, қылмысларының түри әдеттегидей, улыўма тән алынған нормалардан ажыралып туратуғын, жәмийет тәрепинен қабыл етилген нормаларға сай келмей, турақлы түрде олардың жәмийетлик нормалардан шетлеўинде белгили болатуғын әдеп-икрамлылық болып есапланады.

Минез-қулқ нормасынан шетлеў, деп әдеп-икрамлылық жақтан ағайин-туўғанлары, жақынларының кеўлин қалдыратуғын әтираптағыларға қәўип туўдыратуғын шахсларға айтылады.

Юсуф Ҳас Ҳәжиб «Қутадғу билиг» шығармасында билимди улығлап, инсанды билим менен камалға келтириў, тәрбия ҳәм билим арқалы оның минез-қулқын тәрбиялаў, онда унамлы пазыйлетлерди қәлиплестириў мүмкин екенлигин айтады. Оның пикиринше, жақсы минез-қулық та, жаман минез-қулық та туўма ҳәм жәмийетлик орталық нәтийжесинде қәлиплесетуғынын атап өтеди.

Социолог ҳәм психологлардың пикиринше, девиант минез-қулықлы, аўыр тәрбиялы тәрбиялы өспиримлер менен мектептиң педагогикалық жәмийети, мәҳәлле белсендилери, ержетпегенлер менен ислесиў комиссиясы, балалар психологлары жумыс алып барыўы зәрүр. Бундай тәрбиялық жумыслар өз нәтийжесин береди, әдеп-икрамлылықтан шетлеўге бейим ул-қызлардың келешектеги ис-ҳәрекетлерин қадағалаў имканияты туўылады.

Жас өспиримлер тәрепинен исленип атырған жынаятлар ҳуқық ҳәм әдеп-икрамлылық нормаларының бузылыў жағдайлары үйренилгенде, сол нәрсе белгили болды, 13-17 жас аралығындағы жаслардың минез-қулқында өзгерислер, соның ишинде, үлкенлердиң итибарсызлығы, ата-ана ҳәм оқытыўшылар менен өз-ара келиспеўшилик, алдын судланған шахслардың унамсыз тәсирине түсиў, спиртли ишимликлер, нәшебентлик иллети сыяқлылар менен байланыслы болып шықпақта.

– Шаңарақтағы саламат емес орталық балада қопаллық, адамларға қосылмаўшылық, жалған сөйлеў сыяқлы унамсыз қәсийетлерди оятады, бундай бала өз характери  менен ҳәммеге ҳәм барлығына «терис» жумыс ислемекши, бойсынбаў, агрессия сыяқлы сезимлерди кескин көрсетпекши болады, – дейди психология илимлериниң докторы Дилбар Муҳаммедова. – Буның менен ол ҳуқықбузарлық, жынаятларға тийкар жаратады. Суицид жағдайлары да келип шығыў итималы бар. Психологиялық көзқарастан бундай агрессив минез-қулықты дүзетиўде ул-қызларда өзин-өзи ҳүрмет етиў, өз «мен» ин қәлиплестириў, әтираптағы адамлар, өз теңлеслери менен дурыс ҳәм шын жүректен сөйлесиўди орнатыў сыяқлыларға итибар қаратылады. Бундай дүзетиў жумыслары избе-из алып барылыўы даўамында әсте-әсте тек ғана иллетлерди дүзетиў емес, ал пүткиллей жоқ етип, шахсты қайта тәрбиялаў да мүмкин.

Шебер психолог, педагог өз шеберлиги менен иллетли минез-қулық ийеси болған жас өспиримлерди тәрбиялай алады. Бирақ бул процессте ата-ананың, шаңарақтың әҳмийети жоқары. Бәринен бурын, балада мине усы иллетлердиң пайда болыўына жол қоймаў зәрүр. Халқымыз «Аўырыўды емлегеннен гөре, оның алдын алған абзал», дейди.

Барно МЕЛИҚУЛОВА,

ӨзА ның хабаршысы