Усы күнлерде Россияда болып өтип атырған 8V Халықаралық армия ойынлары (АрМИ) өзиниң қызғын басқышына кирди. Бул абырайлы жарыстың Новосибирск ўәлаятында шөлкемлестирилген «Жаўынгерлик разведкасы ағлалары» таңлаўында Өзбекстан командасы тосықларды мисли көрилмеген тезликте – 37 минут 30 секунд ишинде басып өтип, қытайлыларды бес минутқа изде қалдырды.

Таңлаў бас төрешиси генерал-майор Владимир Марусин бул көрсеткиш қатнасыўшы еллер арасында ҳәзирги ўақыттағы ең жақсы көрсеткиш екенин айтпақта.

Соны да айтып өтиўимиз керек, өткен жылғы АрМи таңлаўында өзбекстанлы әскерлеримиз үшинши орынды ийелеген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги