Тесттиң биринши күни – 1-августтың жуўмақларына қарағанда, тестке Өзбекстан бойынша 23 жоқары оқыў орнының 154 тәлим бағдарында 58 мың 985 абитуриент қатнасқан.

1393 абитуриент ҳәр қыйлы себеплер менен тест сынақларына қатнаспаған.

Тест сынақларының тәртип-қағыйдаларын бузғаны ушын 255 абитуриент, соның ишинде 179 абитурент тест өткерилетуғын орынға кириў орнында уялы телефон, шпаргалкалар алып кириўге ҳәрекет еткенлиги ушын, 76 абитуриент тест орнында шпаргалкадан пайдаланыўға ҳәрекет еткенлиги ушын тест сынақларынан шетлетилди.

Тест сынақларын өткериўге билимлендириў мәкемелеринен 2 мың 469 топар қадағалаўшылары қатнасыўы белгиленген еди, соннан 35 қадағалаўшы қатнаспады, – деп жазылған Мәмлекетлик тест орайының рәсмий сайтында.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.