Абитуриентлер жоқары оқыў орынларына тапсырған тест сынақарының нәтийжелерин мобиль телефонлары арқалы Telegram тармағында да билип алыўы мүмкин, деп хабар бермекте Click компаниясы.

Мәмлекетлик тест орайы менен биргеликте иске қосылған бул хызмет түри жәрдеминде бүгиннен баслап тест нәтийжелерин билип алыў ушын талапнамалар жиберилиўи мүмкин болды.

Талапнамалар Telegram бот, Click Uzbekistan бағдарламасы ямаса USSD-меню арқалы жиберилиўи мүмкин. Хызмет көрсетиў баҳасы 2300 сумды қурайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.