Мәмлекетлик тест орайына Фельдегерлик хызмети тәрепинен қолқатылмаслығы тәмийинленген ҳалда тест нәтийжелерин Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан алып келиў 1-август күни саат 18:30 дан басланды. Соңғы материаллар Ферғана ойпатынан түнги саат 2:30 да жетип келген. Бул ҳаққында Бас министрдиң орынбасары Азиз Абдуҳакимов мәлим етти, деп жазады Daryo Live каналы.

Жетип келген тест нәтийжелери бойынша дәрриў компьютер жәрдеминде қайта ислеў процеси басланады. Мәмлекетлик тест орайының хызметкерлери сыртқа шықпастан, телефон ҳәм басқа байланыс қуралларынан пайдаланбастан ҳәм тест материалларының сырлылығы тәмийинленген ҳалда тест материалларын қайта ислейди.

Тест сынақларының биринши күни социаллық тармақларда тест сораўлары сыртқа шығып кеткенлиги ҳаққындағы хабарлар тарқатылған. Бул жағдайлар бойынша тийисли мағлыўматлар ҳуқықый баҳа бериў ушын ҳуқық қорғаў уйымларына берилди.

1-август күни өткерилген тест сынақларының нәтийжелери (еле де анықлаў етип айтқанда, ким оқыўға кирип, кимлердур кире алмағаны ҳаққындағы мағлыўмат) 2-август күни күнниң екинши ярымында Мәмлекетлик тест орайының сайты – dtm.uz сайтында жәрияланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.