Ғәрезсизлигимиздиң 26 жыллығын елимиз үлкен жетискенликлер менен күтип алмақта. Әсиресе, Шоманай районы ушын быйылғы жыл табыслы ҳәм жемисли болды, десек қәтелеспеймиз. Районнан дерлик ҳәр күни жаңа хабар еситип атырмыз.

Ҳәммемизге белгили, Президентимиз усы жыл 20-21-январь күнлери республикамызға сапары даўамында Шоманай районындағы 586 орынлық        1-санлы, 216 орынлық 31-санлы улыўма билим бериў мектеплериниң имаратлары гөнергенлигин есапқа алып жаңа имаратларға көшириў, 12, 16, 25-санлы улыўма билим бериў мектеплерине 12×24 көлемдеги жаңа спорт залларын қурыў, 8-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң имаратын ири оңлаў, балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебин 2 типке сәйкеслендирип реконструкциялаў (жабық суў ҳәўизи, гимнастика залы) жумысларын алып барыўды тапсырған еди.

Сол мақсетте райондағы 16-санлы мектеп имаратын реконструкциялаў ушын өз ўақтында тийисли 606 миллион сумлық қаржы ажыратылып, «Кегейли қурылыс» ЖШЖ тәрепинен қурылыс жумыслары алып барылды.

29-август күни усы мектептиң ири оңлаў жумыслары тамамланып, оның ашылыў мәресими болып өтти.

Оған район ҳәкимиятының, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары, мектеп оқыўшылары, муғаллимлер менен оқыўшылардың ата-аналары, аймақ белсендилери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

– Мектебимизде жаңадан 12х24 өлшемдеги спорт залы, 9х18 өлшемдеги гимнастика залы, 180 орынлық мәжилислер залы толық реконструкциядан шығып, муғаллимлер ҳәм оқыўшылар ушын ҳәр қыйлы қолайлықлар жаратылды. Атап айтқанда, 4 жуўыныў, 4 кийиниў, 1 инвентарь,                          1 муғаллимлер бөлмелери жаңадан салынды. Биз усындай ғамқорлықлары ушын ел басшыларымыздан шексиз миннетдармыз,-дейди мектеп директоры М.Сейфуллаев.

Биз районнан және де бир неше қуўанышлы хабарларды күтип қаламыз.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.