Елимиздиң барлық аймақларында 1-август күни жоқары оқыў орынларының бакалавриат бағдарына кириў ушын тест сынақлары басланды.

Елимиздиң раўажланыўы жоқары билим ҳәм кәсиплик маманлыққа ийе, заман менен тең қәдем таслайтуғын, саламат ҳәм терең ой-пикирли, бәсекиге шыдамлы кадрлар потенциалына байланыслы. Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалар оқытыўдың барлық буўынлары сыяқлы жоқары билимлендириўди де түп-тийкарынан жетилистириўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Быйыл елимиздиң тарийхында биринши мәрте жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат басқышына кириў ушын тест сынақлары университет ҳәм институтлардың имаратынан сыртта, пүткиллей жырақ ҳәм басқа имаратларда болып өтпекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-ноябрьдеги «Республикамыздың жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриатына кириў тест сынақларын өткериў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы қарары бул бағдарда бурын мисли көрилмеген түпкиликли унамлы өзгерислерди әмелиятқа енгизиў имканиятын бермекте. Оған бола, 2018/2019 оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў бойынша кириў тест сынақларын 1-августтан 15-августқа шекемги болған дәўирде өткериў, сынақ нәтийжелерин тест өткерилген күнниң ертеңине Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәриялаўға айрықша итибар қаратылмақта. Сондай-ақ, абитуриенттен айрықша қәбилет талап ететуғын мәденият, көркем өнер, дизайн, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер, көркем өнер таныўшылық, музыкалық тәлим, спорт ҳәм дене тәрбиясы тараўындағы билимлендириў бағдарларына қабыл етиўде дөретиўшилик имтиханлар арқалы әмелге асырыў жолға қойылды.

Сондай-ақ, быйыл биринши мәрте 2018/2019 оқыў жылынан баслап, жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша кириў тест сынақлары Ташкент қаласында «Өзэкспоорай» миллий көргизбелер комплекси павильонларында, «Өзкөргизбесаўда» комплекси, жоқары оқыў орынларыаралық спорт комплекси сыяқлы үлкен сыйымлылықтағы имаратларда, ўәлаят орайларындағы Олимпиада резервлери колледжлери ҳәм басқа да шөлкемлердиң үлкен сыйымлылықтағы имаратларында өткерилип атыр. Тест процесиниң максимал дәрежеде жәриялылығын ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлеп, видеобақлаўлар арқалы жәмийетшилик, соның ишинде, абитуриентлердиң ата-аналары онлайн режиминде  бақлап барыўына имканият жаратылғаны да итибарға ылайық.

Республикалық жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў ушын тест сынақларын өткериўдиң материаллық-техникалық тәмийнаты менен байланыслы мәселелер де пүткиллей қайта көрип шығылды. Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы тест сынағының нәтийжелерин тез оқыўға мөлшерленген ең заманагөй техникалық үскене ҳәм инвентарьлар менен тәмийинленди. Бул болса, нәтийжелерди қысқа ўақытта жәриялаўда үлкен әҳмийетке ийе.

Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 4-июньде қабыл етилген «2018/2019 оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық 2018/2019 оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша улыўма квота бакалаврлар ушын 69 мың 200, соның ишинде, мәмлекетлик грантлар бойынша улыўма квота 17 мың 654 ҳәм төлем-контракт тийкарында 51 мың 546 адам етип белгиленди. Арнаўлы сыртқы ҳәм кешки бөлимлерде де оқыўлардың шөлкемлестирилгени бир қатар жоқары оқыў дәргайларының орынлардағы филиаллары, жаңа оқыў орынларының ашылғаны жаслардың билим алыў жолындағы имканиятларын және де кеңейтеди. Быйыл елимиздиң жоқары оқыў орынларына абитуриентлерден 675 мың 49 арза келип түсти.

Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайының мағлыўматларына қарағанда, абитуриентлерден ең көп ҳүжжет келип түскен жоқары оқыў орынларының қатарында Қаршы, Самарқанд, Ферғана мәмлекетлик университетлери алда бармақта. Конкурс ең үлкен болған жоқары оқыў орынлары сыпатында болса Ташкент медицина академиясының Ферғана филиалына 1 орынға 23,2, Әндижан машинақурылысы институтына 1 орынға 18,3, Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң Термиз филиалына бир орынға 17,6 арза туўра келмекте. Быйылғы жылы абитуриентлер Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети, «Жипек жолы» туризми халықаралық университети, Самарқанд ветеринария медицинасы институты сыяқлы жаңа жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыў имканиятына ийе болды.

…Азанғы саат 8.00. Пайтахтымызда жоқары оқыў орынларының бакалавриат бағдары бойынша тест сынақлары «Өзэкспоорай»дың бир неше павильонларында, «Өзкөргизбесаўда» комплексинде, Жоқары оқыў орынларыаралық спорт комплексинде, Республикалық қәнигелестирилген олимпиада резервлери мектеп-интернаты, Олимпиада резервлери колледжи сыяқлы үлкен сыйымлықтағы имаратларда болып өтти. Бул жуўапкерли процессти тәртипли, белгиленген қағыйда ҳәм өлшемлерге сай тәризде, ашық-айдын, әдалатлы өтиўин тәмийинлеў ушын зәрүр барлық илажлар көрилген.

Бүгин «Өзэкспоорай» павильонларында, Ташкент мәмлекетлик юридика университетине оқыўға кириў тилегиндеги жаслар тест сынақларын тапсырмақта. Бул университет қабыллаў комиссиясының жуўаплы хаткери Отабек Бобожановтың айтыўынша, бул оқыў орнында бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша быйыл биринши мәрте жаслар орынлардағы Мәмлекетлик хызметлер орайларында турып, онлайн тәризинде ҳүжжет тапсырған. Быйылғы оқыў жылында университетке студентлерди қабыллаў режеси 600 адамды қурайды. Жаслардан келип түскен арзалар болса жети мыңнан аслам.

Павильонларда тест процеси белгиленген тәртип ҳәм критерияларға қатаң әмел еткен ҳалда болып өтти. Быйылғы тестлерге үлкен таярлық көрилгени абитуриентлердиң бул жуўапкерли процесске қатнасында да айқын көринди. Олардың өз күшине, билимине болған исеними жаслардың жүзинде көринеди.

Комплекске жақын аймақта абитуриентлердиң ата-аналары ушын да зәрүр барлық шараятлар жаратып берилди. Усы жердиң өзинде орнатылған арнаўлы мониторлар арқалы тест сынақлары процесин биймәлел бақлаў имканияты жаратылды.

– Қызым Мухлиса быйыл жоқары оқыў орнына биринши мәрте ҳүжжет тапсырды, – дейди наманганлы Малоҳат Турсунова. – Барлық процесслерде ашық-айдынлық, анықлықтың тәмийинленгени елимизде коррупцияның алдын алыў, оған жол қоймаў жолындағы әмелий қәдемлерден екени бәршеге мақул болмақта.

Тесттен шығып киятырған жаслар менен сөйлестик.

– Сораўлар анық, қысқа көрсетилген, – дейди самарқандлы Муҳриддин Калонов. – Оларды қайта-қайта оқып, мазмунын шығарыўға зәрүрлик қалмаған. Тести табыслы шешиў бәршениң билим дәрежесине байланыслы екени бул процессте анығырақ сезилмекте. Расын айтқанда, бурынлары айырым абитуриентлер ҳәм гейбир наҳақ адамлар ҳийлекерлик, алғырлық, ғәрремлик бойынша билимин тестлерде сынақтан өткеретуғын еди. Ҳәзир бундай кеўилсиз жағдайлардың тамыры пүткиллей сапластырылғанының гүўасы болдық.

– Тест сынақлары қалыс, ҳадал, ашық-айдын өтти, – дейди бухаралы абитуриент Шуҳрат Тўраев. – Шпаргалкадан көширип атырған ямаса нызамсыз ҳәрекет етип атырған жағдайлар көзге тасланбады. Берилген сораўлар оғада қыйын да, жүдә жеңил де емес. Бәршеси мектеп сабақлықларынан келтирилгенине беккем исендик. Тестлердиң әдалатлы өтиўин тәмийинлеў жолындағы бундай ҳәрекетлер жаслардың оқыўға болған ықласын ҳәм қызығыўшылығын, ең тийкарғысы ҳақыйқаттың жүзеге шығыўына болған исенимин арттырады.

Ҳақыйқатында да, быйылғы тестлердиң қалыс, ҳақыйқый ҳәм әдалатлы тәризде шөлкемлестирилгени кең жәмийетшиликтиң, ата-аналардың, жаслардың тән алыўына сазаўар болмақта.

Илажға Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов қатнасты.

 

Н.УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы