Бүгин И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектеп-интернатында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Республикалық оқыў методикалық орайы тәрепинен «Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнин оқытыўдың сапасын арттырыў, машқалалар ҳәм шешимлер» атамасында республикалық әмелий-методикалық семинар шөлкемлестирилди.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Халык билимлендириў министри А.Аяпов, НМПИ илимий изертлеў ҳәм илимий педагог кадрларды таярлаў бөлиминиң баслыгы К.Палымбетов ҳәм қарақалпақ тили хам әдебияты пәни бойынша тәжрийбели пән муғаллимлери шығып сөйлеп, ана тилимизди  сапалы оқытыўды тәмийинлеў, онда бәринен бурын оқытыўшылардан үлкен жуўапкершилик талап ететуғынын, машқалаларды шетлеп өтиўге болмайтуғынын атап өтти.

Семинар даўамында ҳәзирги ўакытта қарақалпақ тили хам әдебияты пәнин окытыўдағы улыўма машқалаларды, соның ишинде, сабақлықлардың сапасын арттырыў мәселелери, олардың шешимин табыўда жуўапкер шөлкемлер менен бирге ислесиўди және де жақсылаў ҳәм басқа да алдағы әҳмийетли ўазыйыпалар кең түрде  додаланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги