2019-жылдың 1-январына шекем азық-аўқат өнимлери ҳәм шийки затлардың айырым түрлери бажыхана төлемлерин төлеўден азат етилген.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы елимиз Президентиниң 2018-жылдың 16-январындағы «Елимиздиң азық-аўқат қәўипсизлигин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының талапларына бола, 2019-жылдың 1-январына шекем азық-аўқат ҳәм шийки затлардың төмендеги түрлери бажыхана төлемлерин төлеўден азат етилетуғынын еслетип өтеди.

Атап айтқанда, олар төмендегилер:

  • тири ири қара мал;
  • тири қой ҳәм ешкилер;
  • ири қарамал гөши, қозының гөши ямаса музлатылған;
  • қозының гөши, музлатылған (музлатылғаннан тысқары) қой ямаса ешки гөши;
  • жаңа ҳәм музлатылған картошка;
  • соя лобиясы, майдаланған ямаса майдаланбаған;
  • айғабағар туқымы, майдаланған ямаса майдаланбаған;
  • гүнжи туқымы;
  • қант қамысы ямаса қант ләблебиси ҳәм химиялық таза сахароза, қатты түринде.

Қосымша ҳуқықый мағлыўматларды Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы арқалы алыўыңыз мүмкин.

ӨзА