Быйыл елимиз тарийхында биринши мәрте жоқары оқыў орынларының бакалавриат басқышына кириў ушын тест сынақлары университет ҳәм институтлардың имаратларда емес, ал басқа арнаўлы имаратларда өткерилмекте.

1-август күни тест имтиханларын Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалы баслап берди.

Азанғы саат 8.00. Пайтахтымыздағы жоқары оқыў орынларында бакалавриат бағдары бойынша оқыўға кириў ушын тест сынақлары  пайтахтымыздағы Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт тәжирийбе мектебинде ҳәм Нөкис олимпиада резервлери колледжинде өткерилди.

Бул жуўапкершиликли процесс тәртипли, белгиленген қағыйдаға сай тәризде жоқары дәрежеде ашық-айдын ҳәм жәриялылық, әдалатлы өтиўин тәмийинлеў ушын барлық зәрүрли илажлар көрилген.

Тест өткерилип атырған имаратлардың жанында жайласқан пайтахтымыздағы 5-санлы улыўма билим бериў мектеби ҳәм Ташкент педиатрия медицина университети Нөкис филиалы жанындағы Академиялық лицейде абитуриентлердиң ата-аналары ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылып берилген.

Усы жердиң өзинде орнатылған арнаўлы монитор арқалы тест сынақлары процесслери видеобақлаў арқалы кең жәмийетшилик, сондай-ақ талабанлардың ата-аналары тәрепинен онлайн режиминде бақлап барылды.

– Қызым Сарыгүл Орынбаева усы жыл жоқары оқыў орнына биринши мәрте ҳүжжетлерин тапсырды, – дейди шоманайлы Мийригүл Қурбанбаева. Тест имтиханлары бул жыл басқаша тәризде өткерилмекте. Монитор арқалы көрип отырмыз.

Тестен шығып киятырған жаслар менен сәўбетлестик.

-Сораўлар анық, қысқа болды. Сораўлар мектеп сабақлықларынан алынған. Шпаргалкадан көширип атырған жағдайлар ушыраспады, – дейди қоңыратлы Шахноза Хожаниязова. Тест процесслери белгиленген тәртип қағыйдаларға қатаң әмел еткен ҳалда өткерилди. Усы жылы тестке пуқта таярлық көрген, билимине, өзине исенген абитуриентлер ғана студент атағына ийе болады.

Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалының қабыллаў комиссиясының жуўаплы хаткери Бекбай Қалимбетовтың мағлыўмат бериўинше,  усы жыл бул оқыў дәргайына 3913  арза келип түскен. 1680 талабан тест сынақларына кирди. 2-сменада 1648, 2-август күни 2-сменаға 585 талабан киреди.

Тест сынақлары процесслери ҳаққында толық ҳәм ҳәр тәреплеме мағлыўмат берип барамыз.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы