Президентимиз усы жыл 20-21-январь күнлери республикамызға сапары даўамында Қарақалпақстан Республикасында 2017-жылдың бағдарламасына қосымша түрде 400 жаңаланған үлги жойбарлар тийкарында арзан турақ жайлар қурыў бойынша да тапсырмалар берип, «Қишлоқ қурилиш инвест» ЖШЖ инжиниринг компаниясының Қарақалпақстан филиалы тәрепинен бул бағдардағы жумыслар өз ўақтында нәтийжели түрде баслап жиберилген еди.

Олар тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети, район ҳәкимликлери менен бирликте 2017-жылдың бағдарламасына қосымша түрде 400 жаңаланған үлги жойбарлар тийкарында арзан турақ жайлар қурыў ушын массивлер таңланды. Қурылыс ушын арнаўлы жер ажыратыў бойынша қарарлар қабыл етилип, архитектуралық режелестириў тапсырмалары таярланды. «Қишлоқ қурилиш лойиҳа» ЖШЖ Қарақалпақстан филиалы менен бирликте жойбарлаў-смета ҳүжжетлери таярланып, таңланған массивлерге бөлистириў жумыслары алып барылды. Оған бола, қурылыс жумыслары Әмиўдәрья районы Чайкўл массивиндеги «Юқори тулуға» АПЖда 60, Қыпшақ массивиндеги «Бештом» АПЖда 15, Беруний районы Шаббаз массивиндеги «Асқар» АПЖда 35,                   «Хорезм» МПЖда 15, Кегейли районы Ақтуба массивиндеги «М.Жуманазаров» АПЖда 12, Қоңырат районы Мыңжарған МПЖда 50, Елабад массиви «Елабад» елатында 5, Нөкис районы Саманбай массиви «Узынкөл-3» АПЖда 37, Арбашы массиви «Нөкис» АПЖда 8, Төрткүл районы Шодлик МПЖда 60, Шымбай районы «Конши» МПЖда 10, Елликқала районы Елликқала массиви «Елликқала» АПЖда 25, Сарабий массиви «Сарабий», Қырық қыз массиви «Қырық қыз» АПЖларының ҳәр биринде 10, жәми 352 бир қабатлы 2, 3 ханалы жайлардың қурылыс жумыслары қызғын түрде алып барылмақта.

Ал, Қараөзек районы «Қутлымәкан» МПЖда, Кегейли районы Кегейли массиви «Кегейли» елатында, Тахтакөпир районы «Ғәрезсизлик» МПЖ ларында  2 қабатлы 4 подъездли 2, 3 ханалы 16 жайдан жәми 48 жай салынбақта.

Усылар қатарында бүгинги күнде Шоманай районындағы қурылыс жумыслары да ҳәўижге минди.

Реже бойынша район орайының Наўайы көшеси бойында еки қабатлы 16 ханалы баҳасы 1 миллиард 284,62 миллион сумлық 1, Мамый АПЖ аймағында 1 қабатлы 3 ханалы баҳасы 1 миллиард 153,9 миллион сумлық          10 турақ жайдың, Моншақлы МПЖ аймағындағы Өзбекистан көшеси бойында 9 ханалы баҳасы 1 миллиард 054,9 миллион сумлық 5 хызмет үйиниң қурылысы өз ўақтында басланып, бой тиклемекте. Ҳәзирги ўақытта усы          3 объектте сыбаў, бояў, поллаў сыяқлы жумыслар қызғын түрде алып барылмақта. Абаданластырыў жумыслары жүргизилмекте.

Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.