Орайлық банктиң пул-кредит сиясаты бойынша анализине муўапық, өзбекстанлылардың сырт еллердеги дәраматларынан келип түскен төлемлердиң көлеми 2018-жылдың биринши ярымында 2,3 млрд долларды қурады, деп жазады Kun.uz сайты.

– Быйылғы жылдың январь-июнь айларында физикалық шахслардың трансшегаралық пул өткермелери көлеминиң 14% ке өсиўи ҳәм олардың муғдары 2,3 миллиард АҚШ долларына жетиўи, сондай-ақ, экспорт-импорт бойынша оператив мағлыўматлар 2018-жылдың биринши ярым жыллығында төлем балансы әмелдеги әмелиятлар есабы унамлы сальдода сақланып қалғаны бойынша дәслепки жуўмаққа келиў имканиятын береди, – делинген анализде.

Соның менен бирге, Орайлық банктиң түсиник бериўинше, сыртқы шараятлардың салыстырмалы түрде жақсыланыўы ҳәм оның нәтийжесинде экспорт каналлары арқалы валюта түсимлери ҳәм физикалық шахслардың халықаралық пул өткермелери көлеминиң артыўы, сондай-ақ, сырт ел кредит линиялары ишки валюта базарында сырт ел валютасы улыўмалық усыныс муғдарының өсиўин тәмийинлейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги