И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Дастурханға мәрҳамат!» деп аталған көргизбе ашылды.

Музей қорында тек ғана натюрмортларға бағышланған бул картиналар биринши мәрте көргизбеде көрсетилмекте.

-Бүгинги көргизбеде тийкарынан дастурхан менен байланыслы натюрмортлар, яғный қарақалпақ, өзбек ҳәм рус художниклериниң ҳәр қыйлы дәўирлерге тийисли шығармалары көрсетилген,-дейди музей директоры Гүлбәҳәр Изентаева. -Көргизбеге қойылған 50 ден аслам шығармада азанғы аўқат, түслик ҳәм тәбият өнимлери менен тағамлар сүўретленген.

Картиналарды тамашалар екенсиз бизди қоршап турған күнделикли буйымлардың гөзаллығын ҳәм әжайыплылығын сезесиз. Қәнигелер бул жанрды әпиўайы көрингени менен қурамалы деп есаплайды. Көрсетилип атырған натюрмортлардың айырымлары материаллық дүньяны анық сүўретлеўи, реал түрлердиң художниклер тәрепинен шеберлик пенен исленгени менен ажыралып турады.

Есимхан Қанаатов,

ӨзА