Бийғәрез терролог-аналитик Саид-Абдулазиз Юсупов авторлығындағы «Ақ ҳәм қара» көрсетиўиниң гезектеги санында партиялардың бүгинги күндеги жағдайы, олардың мәмлекетшилик ҳәм раўажланыўға тәсири ҳаққында сөз етиледи.

 

Биз бүгин күшли мәмлекет қурыў жолында ҳәрекет етип атырмыз. Күшли мәмлекет қурыўымыз ушын ҳәр биримиз ҳәрекет етиўимиз керек екенлиги ҳаққында қайта-қайта сөз етип атырмыз. Усылар ҳаққында еслетип атырмыз, өтиниш етип атырмыз. Бирақ, пүткил халықлық ҳәрекетти, пүткил миллетлик ҳәрекетти көре алмай атырмыз. Әлбетте, буның өзине тән себеплери бар.

Бир мысал келтиремен: философияның тийкарында ҳақыйқат болғаны сыяқлы ҳуқықтың негизинде дәлил турады. Сиясаттың тийкарында болса исеним болыўы керек. Бул оғада әҳмийетли нәрсе. Және ең пародаксаллық ноқат соннан ибарат, егер халықта исеним болса, ол дәлилди де талап етпейди, ҳақыйқатлықты да излемейди. Исеним барлығының орнын ийелеп кетеди.

Айтпақшы болғанымыз соннан ибарат, халықтың исенимин қәлиплестиретуғын ең күшли механизмлердиң бири бул – партиялар есапланады. Бүгин партиялар президентке жетерлише жәрдемши бола алмай атыр. Партия сыпатында олардың жумыслары улыўма көринбей атыр. Майда-шүйде жумыслар, биз көп нәрселер ислеп атырмыз, деген жубатыўлар өзин-өзи алдаўдан басқа ҳеш нәрсе емес. Президент үлкен бир мәмлекетти басқарыўда усыларға сүйениўи керек ҳәм бул тирек беккем болыўы керек.

XXI әсирдиң, ҳуқықый демократиялық мәмлекеттиң талабы соннан ибарат болып, машқалаларды сапластырыў менен бирге, оның себеплери менен де гүресиўимиз керек. Мәселен, Өзбекстанға инвестиция керек. Сырт еллердеги елшиханаларымыз ҳәр қыйлы жыйналыс ҳәм илажларда мәмлекет ҳаққында улыўмалық гәплерди айтады. Бир ўәлаят көлеминде алып қарайық: 10 мың доллардан 150 миллион долларға шекем болған неше инвестициялық жойбар бар? Усылардың бәрин, бир ўәлаят шеңберинде бирден-бир каталогқа бирлестириўге болады ғой?

Бундай жумысларда да партиялардың орны, роли болыўы керек. Инвестор келди ме, қолына анық бизнес планды бериў керек. Пул тигип атырған инвестор пулын қай жерге қойып атырғанын ҳәм қанша мүддеттен кейин пайда алыўы мүмкинлиги ҳаққында анық пикирге ийе болмаса, өзимиз исенип айтып атырған уллы келешек ҳаққындағы сөзлер олар ушын ертекке айланады.

Усы басламаларды, усы батыллықты партияларымыз, ҳәкимлеримиз көрсетиўи керек. Бизге жаңаша идея керек, жаңаша ислеў усылы керек. Хош, не ушын? Себеби, елимиз президенти тек ғана миллетине, халқына, Қудайдың ерк-ықрарына сүйене отырып елимизди раўажланыўдың жаңа басқышына алып шықпақта. Жаңаша пикирлеў, жаңаша жумыс ислеў, жаңа ойлаў формасы талап етилмекте. Бул оғада әҳмийетли. Партиялар жанлансын, партиялар күшли болсын. Егер оларда усы өзгешеликлер болса, президент күшли болады. Президент күшли болса, мәмлекет күшли болады. Егер мәмлекет күшли болса, сизиң ҳәм бизиң перзентлеримиздиң келешеги кепилленеди.

 

Көрсетиўди төменде тамашаласаңыз болады.