Нөкис қаласында 2 орында өткерилип атырған тест процесин онлайн бақлаў имканияты жаратылғаны ҳаққында мағлыўмат берген едик.

 

 

Ҳәзирше Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлик мектеби («Айдын жол» спорт комплекси)ндеги 4 аудиториядағы тест процесинен онлайн трансляциялар әмелге асырылмақта.

 

 

Ал тест өткерилип атырған екинши орын – Нөкис олимпия резервлери колледжиниң 2 аудиториясынан болса онлайн трансляциялар бериўде техникалық машқалалар болып атырғанға уқсайды. Өйткени, еки камера да тек ғана колледждиң сыртқы тәрепин көрсетпекте.

Бүгин – тест процесиниң биринши күни. Бул техникалық кемшиликлер бүгинниң өзинде сапластырылып, келеси процеслерден онлайн трансляциялар берилиўин күтемиз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.