Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 17-январьдағы  «Қарақалпақстан Республикасының аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыўға, халықтың турмыс дәрежесин буннан былай да жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы, сондай-ақ, Президентимиздиң 2017-жыл 28-февраль күнги «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарларының орынланыўына  бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының баслығы Д.Бабажанов, Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы баслығының орынбасары А.Абдукаримов, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы Б.Кусекеев, Мойнақ районы ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Қурбаниязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жоқарыда атап өтилген қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң тиккелей басшылығында Аралбойы регионын, соның ишинде Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў,  аймақта жасап атырған халықтың турмыс шараятларын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, қарардың орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде «Саҳрадағы Лувр» деп аталған И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейиниң 2 ҳәм 3 блокларының пайдаланыўға тапсырылыўы, Хожели қаласындағы Миздахкан естелик комплексиндеги Назлымхан сулыў, Шамун Набий, Шымбай районындағы Ақымбет бақсы, Мойнақ районындағы Сулайман Бақырғаный (Ҳәким ата), Буғрахан   мавзолейлериндеги алып барылып атырған реконструкция ҳәм абаданластырыў жумыслары улама ата-бабаларымыздың естеликлерине болған ҳүрметтиң үлгиси болды. Соның менен бирге, экологиялық аймақта жасап атырған халықтың денсаўлығын беккемлеў  ҳәм оларға көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасын арттырыў бағдарында бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта. Президентимиздиң халқымызға болған айрықша итибары және ғамқорлығы нәтийжесинде мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде ата-аналар төлеминиң муғдары еки есеге, республикамыздағы пенсионерлерге, майыпларға, студент жаслар менен кем тәмийинленген шаңарақ ағзаларына темир жол ҳәм авиа билет баҳалары дерлик 50 процентке шекем арзанлатылды.

Республикамызды 2017-2018-жылларда комплексли раўажландырыў бағдарламасын орынлаў бойынша быйылғы жылдың өткен 6 айы даўамында 98 жойбарды қаржыландырыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен жәми 617,4 миллиард сумнан аслам инвестиция кредит қаржылары ажыратылды.  Жоқарыда атап өтилген қарар тийкарында  Мойнақ районында 72 жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған болса, соннан бүгинги күнге   56 жойбар иске түсирилди. Нәтийжеде 527 жаңа жумыс орны жаратылды.

Илажда ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.