Өзбекстан Республикасы Президенти Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары бойынша комитети ҳәм Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы менен биргеликте «Өзбекстан көп миллетли бирден-бир шаңарақ сезимин беккемлеўде тәсирли үгит-нәсият жумыслары ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажлардың үлкен әҳмийети» темасында дөгерек сәўбети өткерилди.

Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары бойынша комитетиниң баслығы Р.Қурбанов, Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының басшысы А.Қодиров ҳәм басқалар миллетлераралық қатнасықларды жетилистириў, халқымыз арасында кеңпейиллик, адамгершилик сезимлерин раўажландырыў, ҳәр қыйлы миллет ҳәм халықлар арасында татыўлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик пазыйлетлерин беккемлеў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан екенин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 19-майдағы «Миллетлераралық қатнасықларды ҳәм сырт еллер менен дослық байланысларды буннан былай да жетилисириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы жәмийетте турақлылықты, тынышлықты ҳәм татыўлықты тәмийинлеўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет етпекте.

Бүгинги күнде елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери бир шаңарақтың перзентиндей дос ҳәм татыў жасамақта. 138 миллий-мәдений орай, сондай-ақ, 34 дослық жәмийетиниң жумысы Өзбекстандағы барлық миллет ҳәм халықлардың тарийхын, мәдениятын, руўхый қәдриятларын, дәстүр ҳәм үрп-әдетлерин сақлаў, миллетлераралық қатнасықларды тереңлестириў, жәмийет ҳәм мәмлекетти турақлы раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Дөгерек сәўбетинде 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы талапларын избе-из әмелге асырыў, халық, әсиресе жаслардың санасында адамгершилик қәдриятларын буннан былай да беккемлеў, елимиздеги барлық миллет ҳәм халықлардың тарийхын, мәдениятын, руўхый қәдриятларын, дәстүр ҳәм үрп-әдетлерин сақлаў, миллетлераралық қатнасықларды тереңлестириў, жәмийетти ҳәм мәмлекетти турақлы раўажландырыўда тәсирли үгит-нәсият жумысларын ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Тараў қәнигелери ҳәм илимпазлардың баянатлары тыңланды. Илаж соңында еки шөлкем арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

 

Д.СУННАТОВ,

ӨзАның хабаршысы