1-15-август күнлери аралығында жоқары оқыў орынларына қабыллаў ушын болып өтетуғын тест процесин Интернет тармағы арқалы онлайн бақлаў имканияты жаратылды.

Буның ушын Test2018.uz тармағына кириўиңиз ҳәм өзиңизге тийисли аймақты  (мәселен, Қарақалпақстан Республикасы) сайлаўыңыз керек.

 

 

Егер сиз Қарақалпақстан Республикасы сайласаңыз быйылғы жылы тест өткерилетуғын еки орын – Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлик мектеби («Айдын жол» спорт комплекси) ҳәм Нөкис олимпия резервлери колледжи көрсетиледи.

Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлик мектебинде 4 орында, ал Нөкис олимпия резервлери колледжинде 2 орында тест сынақлары өткерилип атырған тест сынақларын сиз де онлайн түрде бақлаўыңыз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.