Өзлериниң анық мақсетлерине ерисиў ушын белгили  бир бағдарды таңлап алған абутуриентлер ушын толғаныслы күнлерге   санаўлы саатлар қалды.

Бурын хабар етилгениндей, тест имтиханлары 1-15-август күнлери аралығында  болып өтеди.

Усы күнлер аралығында қаламыздағы жөнелисли маршрутлар азанғы саат 5-00 тен баслап ҳәрекетте болады.

Быйылғы жылғы тест имтиханларының өткен жыллардан айырмашылықлары бул жылы тест имтиханлары 1-15-август күни аралығында  болып өтетуғын болғанлықтан талабанлар тест күннинен бир күн бурын МТО (Мәмлекетлик  тест орайы) рухсатнамасы бериледи.

Талабанлар пайтахтымыздағы Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт тәжирийбе мектебинде ҳәм Нөкис олимпиада резервлери колледжинде МТО рухсатнамаларын алыўы мүмкин.

МТО рухсатнамаларын алған абутуриентлерден тест сынақлары өткерилиўи белгиленген күни еки саат бурын тест өткерилиўи белгиленген имаратына паспорты ҳәм МТО рухсатнамасы менен, ер балалар ақ көйлек,  қара шалбар, қызлар, ақ көйлек, қара юбка менен келиўи қатаң талап етилмекте.

Сондай-ақ, абитуриентлерге микрокалькулятор, сөзлик, кесте, китап, қол телефоны, компьютер, телекоммуникация технологияларын және де шпаргалка алып киргенлиги анықланса, сол ўақыттың өзинде акт дүзилип, тест имтиханларынан шетлетилетуғыны ескертилмекте.

Олар сол күни ручка, қағаз ҳәи ишимлик суўы менен тәмийинленеди.

– Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының шет тиллер филологиясына ҳүжжетлеримди тапсырған едим. Бүгин рухсатнама алдым. Тест сынағы 9-август күни саат 15-00 де болады екен, – дейди талабан Бахтыгүл Дәўлетбаева. Неше айлап, жыллап ийелеген билимлеримди сынақтан өткеретуғын ўақыт келди. Тест әдалатлы болады, деген нийеттемен.

 

Т. СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.