Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң Консуллық-ҳуқықый департаменти Россияға барған Өзбекстан пуқараларының миграциялық дизимге алыныўы бойынша түсиник берди, деп жазады Daryo.uz.

Ҳәзирги ўақытта Россияда сырт ел пуқараларын миграциялық есапқа алыў улыўмалық қағыйдалар тийкарында әмелге асырылмақта. Россия мәмлекетлик шегарасын кесип өткен күннен баслап мигрантлар 7 жумыс күнинен кешиктирмей мәмлекетлик уйымларға келгени ҳаққында мәлим етиўи керек.

Буннан келип шығып, Өзбекстан пуқараларын дизимге алыў мүддети Россия аймағына киргеннен баслап 7 жумыс күнин қурайды.

Өзбекстан пуқараларын дәслепки дизимге алыў басқа сырт еллилер сыяқлы 90 күнге шекемги болған мүддетке әмелге асырылады. Яғный Россияда болыўдың руқсат етилген мүддети келген ўақыттан баслап 90 күнди қурайды.

Өзбекстан пуқаралары 90 күнлик мүддет жуўмақланыўы менен Россия аймағын 3 айға тәрк етиўи ямаса қалыў ушын белгили бир себеп болған жағдайларда ўақытшалық дизимге алыў мүддетин создырыўы керек.

2018-жыл 25-майдан 25-июльға шекем футбол бойынша Жәҳән Чемпионаты өткерилип атырған қалаларда үш сутка даўамында дизимге алыў тәртиби әмел еткен еди.

Миграциялық есапқа алыў мүддетлерин бузыў Россия аймағынан шығарып жибериў, кириўди қадаған етиў ҳәм 2000 нан 7000 рубльге шекемги муғдарда жәриймаға тартыўға себеп болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги