Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы төмендеги хабарландырыўды жәриялады.

Онда: 2018-2019-оқыў жылы ушын талабанларды жаңа оқыў жылына қабыллаў ушын елимизде жоқыры оқыў орынларында тест имтиханлары өткерилиўи мүнәсибети менен пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳәр түрли бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў мақсетинде тест имтиханлары өткерилетуғын аймақлар: пайтахтымыздағы Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт тәжирийбе мектеби (бурынғы «Айдын жол» базары, ҳәзирги спорт комплекси) әтирапы,

М.Жуманазаров көшеси кесилиспеси, Е.Алакөз көшеси ҳәм Нөкис олимпиада резервлери колледжиниң алды, Шымбай гүзары көшелери

усы жыл 31-июль күнинен 15-август күнине шекем ўақтынша жабылып, автотранспорт қуралларының ҳәрекети тоқтатылатуғыны атап көрсетилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги