Шымбай экономика колледжиниң залында мийнет ветераны ҳәм спорт пидайысы Пердеғалий Қалмуратовтың туўылғанының 70 жыллығына бағышланып бокс бойынша район ашық бириншилиги болып өтпекте.

Район ҳәкимлиги, районлық денетәрбия ҳәм спорт бөлими, балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби тәрепинен шөлкемлестирилиген жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 2002-2003, 2004-2005 ҳәм 2006-2007-жыллары туўылған жас боксшылар қатнаспақта.

Илаждың ашылыў салтанатында шығып сөйлегенлер, мийнет ветераны Пердеғалий Қалмуратовтың спорттағы қолға киргизген жетискенликлери, соның менене бирге, оның районда денетәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыўдағы, шәкиртлер таярлаўдағы мийнетлерине тоқтап өтти. Жарыс қатнасыўшыларына әўмет тиледи.

Төрт күн даўам ететуғын жарыстың жеңимпазлары 28-июль шемби күни анықланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

О.Пирленовтың түсирген сўретлери