Истиқболли инвестиция лойиҳалари ижроси муҳокама қилинди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 26-июль күни сырт ел инвестициялары қатнасыўындағы жойбарларды әмелге асырыў, бул бағдардағы кемшиликлерди сапластырыў, инвестицияларды өзлестириўди жеделлестириў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Онда Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, министрликлер ҳәм ведомстволардың, компания ҳәм аўқамлардың басшылары,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери, Өзбекстанның сырт елдеги дипломатиялық ўәкилликли уйымларының басшылары қатнасты.

Атап өтилгениндей, быйыл инвестиция ҳәм инфраструктура жойбарларының бағдарламалары шеңберинде барлық дәреклер есабынан 2 мың 612 жойбар әмелге асырылып, 6 миллиард 850 миллион доллардан аслам қаржы өзлестириў белгиленген. Соның, 4,9 миллиард доллары сырт ел инвестициялары болып, оның 2,3 миллиард долларын халықаралық қаржы институтларының кредитлери ҳәм 2,6 миллиард долларын тиккелей инвестициялар қурайды.

Мәжилисте усы қаржыларды өзлестириў ҳәм жойбарларды әмелге асырыў жағдайының төменлиги сынға алынды. Мәселен, быйылғы жылы халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт еллердиң қатнасыўындағы 82 жойбар шеңберинде 2 миллиард 283 миллион доллар өзлестириў белгиленген. Бирақ биринши ярым жыллықта бул қаржының тек ғана 26 проценти өзлестирилген.

Буның тийкарғы себеплеринен бири қаржылардың 70 процентке шекемги бөлегин өзлестириўди жылдың соңына белгилеў әмелияты болып табылады. Сырт елли инвесторлар бундай жағдайлар бойынша тийкарлы наразылықлар билдирмекте. Пухта исленген ҳәм ҳүжжетлери таяр жойбарлар ушын емес, ал «алдын қаржы алайық, кейин бир гәп болар» түринде жумыс ислеў де усындай унамсыз жағдайларға себеп болмақта. Қаржыларды өзлестириў қаншелли төмен болса, келешектеги жойбарлардың орынланыўы ушын инвестицияны тартыў да соншелли мүшкил болатуғынын атап өтиў керек.

Соны есапқа алған ҳалда, Министрлер Кабинетиниң тийисли комплекслериниң басшылары инвестицияларды өзлестириў жағдайын терең үйренип, машқалаларды, соның ишинде, жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў, тендер өткериў, жойбар ҳәм шәртнамаларды экспертиза етиўдеги бюрократлық тосқынлықларды сапластырыў илажларын көриўи керек.

Шавкат Мирзиёев Бас министр ҳәм оның орынбасарларына халықаралық ҳәм сырт ел қаржы институтлары қаржыларының тийкарғы бөлегин август-октябрь  айларында өзлестириў ҳәм жыл ақырында прогноз көрсеткишлерин толық орынлаў бойынша жаңа тармақ графиклерин тастыйықлаў ўазыйпасын тапсырды.

Инвестициялық жойбарлардың орыныланыўына байланыслы процесслердиң шийеленистирилип жиберилгени, артықша бюрократлық тосқынлықлар пайда болып, жуўапкер ведомстволардың жумысы зәрүр дәрежеде тәртипке салынбағаны сыяқлы машқалаларды сапластырыў, инвестициялық жойбарлардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қаржыларды өз ўақтында өзлестириўди тәмийинлеў зәрүр. Сол мақсетте жақында халықаралық ҳәм сырт ел қаржы шөлкемлериниң қаржыларын тартыў ҳәм қадағалыўды жүргизиў, жойбар ҳүжжетлерин таярлаў ҳәм экспертизадан өткериў бойынша Президенттиң қарары қабыл етилди. Келешекте халықаралық ҳәм сырт ел қаржы шөлкемлериниң қаржылары қатнасыўындағы жойбарлар пүткиллей жаңа система тийкарында әмелге асырылады. Яғный, халықаралық қаржы институтлары менен бирге ислесиў стратегиясын ислеп шығыў тәртиби белгиленди, экспертиза ушын 60 емес, 14 күн талап етиледи, тендер ҳүжжетлери ҳәм тендер тийкарында дүзилген шәртнамалар болса улыўма экспертизадан өтпейди, кворум ҳәм талапкерлердиң саны бойынша талаплар бийкар етилди.

Мәмлекетимиз басшысы халықаралық қаржы шөлкемлериниң қатнасыўындағы инвестициялық жойбарларды сапалы әмелге асырыў ушын «Жойбарларды әмелге асырыў топарлары» жумысын нәтийжели шөлкемлестириў әҳмийетли екенин атап өтти. Топарлардың жумысы нәтийжели шөлкемлестирилмеген, айырым министрликлер ҳәм ведомстволар системасында бир неше жойбарлаў топарлары бар. Бул топарлар донор шөлкемлер менен биргеликте ислемейди, айырым хызметкерлериниң қәнигеликлери төмен. Ақыбетинде көплеген инвестициялық жойбарлар 5-6 жыллап иске қосылмастан, машқалалы мәселеге айланып қалмақта.

Сол себепли усы жылы 21-июнь күни қабыл етилген Президент қарарына бола халықаралық ҳәм сырт ел қаржы институтларының қатнасыўындағы жойбарларды муўапықластырыў ҳәм қадағалаў ўәкиллиги толық Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетине жүкленди. Мәжилисте комитет басшысына «Жойбарларды әмелге асырыў топарлары» қурамын қайта көрип шығыў, оларды жойбарлар кесиминде емес, тармақлар бағдарында қәнигелестириў тийкарында қайтадан шөлкемлестириў, арнаўлы оқыў курсларын шөлкемлестирген ҳалда басшы ҳәм қәнигелердиң маманлығын арттырыў, халықаралық ҳәм сырт елли қаржы институтларының қатнасыўындағы барлық жойбарларды техникалық-экономикалық тийкарларды, тендер ҳүжжетлерин, импорт шәртнамаларын жаңа тәртип бойынша жедел экспертиза етиў ямаса дизимге алыў тапсырылды.

Мәжилисте тармақлардағы ҳәм аймақлардағы жойбарлар мониторинги олардың орынланыўының қатнаатландырарсыз екенлигин көрсеткени атап өтилди. Сол себепли өткен ҳәпте инвестиция ҳәм инфраструктура жойбарларын әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша Президент қарары қабыл етилип, онда 2018-2019-жыллары улыўма қуны 30 миллиард долларлық, соның ишинде, 26 миллиард долларлық тиккелей инвестициялардың қатнасыўындағы 580 жойбарды әмелге асырыў белгиленди. Бул жойбарлардың 148 и хожалық бирлеспелери ҳәм 432 си аймақлық кәрханалар тәрепинен әмелге асырылады. Соннан усы жылы 456 жойбар шеңберинде 2,6 миллиард долларлық  тиккелей инвестицияларды өзлестириў талап етиледи.

Сол мүнәсибет пенен Бас министр орынбасарларына 2018-2019-жыллары хожалық бирлеспелери 3,9 миллиард долларлық ҳәм аймақлық кәрханалар 3 миллиард долларлық тиккелей инвестицияларды толық өзлестириўин нәзерде тутқан ҳалда, усы жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша тармақ кестелерин ислеп шығыў тапсырылды. Ҳәзирги ўақытта хожалық бирлеспелери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң басшылары 69 тармақлық ҳәм 189 аймақлық перспективалы инвестициялық жойбар бойынша инвесторлар табыў, техникалық-экономикалық тийкарларды ислеп шығыў ҳәм жойбардың орынланыўын жеделлестириўге қаратылған «Жол карталары»н ислеп шығыўы керек. Министрликлер ҳәм ведомстволар, хожалық бирлеспелери ҳәм жергиликли ҳәкимликлер инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда тиккелей инвестицияларды тартыўға итибарды күшейтиўи зәрүр.

Мәжилисте инвестициялық жойбарлар бойынша ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм келисиў процесслерин тезлетиў мақсетинде Президент қарары менен бир қатар қолайлықлар ҳәм жеңилликлер жаратылғаны атап өтилди. Соның ишинде, дәслепки техникалық-экономикалық тийкарларды ямаса есап-санақларды мәжбүрий ислеп шығыў бойынша талаплар, сондай-ақ, қурылыслардың мәнзилли дизимин Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен келисиў бийкар етилди. Халықаралық ҳәм сырт ел қаржы шөлкемлери қатнасып атырған, тиккелей сырт ел инвестицияларының үлеси 70 проценттен жоқары болған, өнимди бөлистириў шәртнамаларына муўапық әмелге асырылып атырған жойбарлар да усы агентлик экспертизасынан өткерилмейди. Тендер саўдаларының жуўмағында дүзилген импорт шәртнамалары Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигинде тек тендер ҳүжжетлерине ҳәм миллий нызамшылыққа сәйкеслиги, тексттиң дурыс аўдарылғаны бойынша экспертизадан өткериледи.  Сондай       -ақ, усы қарарға бола улыўма қуны 27 миллиард доллар болған 37 ири әҳмийетли инвестициялық жойбар бойынша қурылыс-монтажлаў жумысларын жойбарлаў-сметалаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў менен бир ўақытта әмелге асырыўға, бир басқышлы жойбарластырыўды ҳәм қаржыландырыўды тезлетиўге рухсат берилди. Тийисли министрликлердиң ҳәм ведомстволардың басшылары мине усы 37 жойбардың ҳәр бири бойынша арнаўлы жумысшы топар дүзип, орынланып атырған жумысларды жеделлестириў, объектлерди сапалы ҳәм ўақтында қурыў, сатып алыў баҳаларының тийкарсыз артып жиберилмеўин тәмийинлеў, жумысты бөлип алып ислеўши ҳәм жеткерип бериўшилерди анықлаў бойынша зәрүр илажлар көриўи тийис.

Мәжилисте жылдың ярымынан көби өткен болса да, елеге шекем барлық қаржыландырыў дәреклери есабынан 2019-жылы әмелге асырылатуғын жойбарлар дизиминиң таяр емеслиги сынға алынды. Усы жыл 1-апрельге шекем – тармақларды ҳәм аймақларды узақ мүддетке мөлшерленген раўажландырыў концепциялары, 15-июльға шекем – Жойбарлар портфели, 10-октябрьге шекем Мәмлекетлик раўажланыў бағдарламасының жойбарын ислеп шығыў белгиленген, ҳәзирги күнде болса келеси жыл объектлериниң жойбар ҳүжжетлерин таярлаў жумыслары басланған болыўы керек еди.

Бул жағдайды оңлаў ушын Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети тийисли министрликлер, ведомстволар, хожалық бирлеспелери ҳәм ҳәкимликлер менен бирге барлық дәреклер есабынан қаржыландырылатуғын жойбарлар бойынша усыныслар тийкарында Инвестиция бағдарламасының жойбарын қәлиплестириўи зәрүр.

Ҳәммемизге белгили, жергиликли ҳәкимликлер басшыларының хызмет сапары менен сырт елге шығып, өз аймағына тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша сырт елли бирге ислесиўшилер менен сөйлесиў өткериў ушын кең шараят жаратылды. Бундай әмелият бурын болмағанын атап өтиў керек. Ҳәкимлер, олардың орынбасарлары, аймақлық кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң басшылары қәлеген мәмлекетине барып, бирге ислесиўшилер менен еркин пикирлесиўге кирисип атыр. Атап айтқанда, быйылғы жылдың өткен дәўиринде ҳәкимликлердиң 33 делегациясы сырт елге хызмет сапарына барды. Нәтийжеде улыўма қуны 5 миллиард 290 миллион доллар болған 195 жойбар бойынша келисимлерге ерисилди. Ҳәзирги күнде 1 миллиард 500 миллион долларлық 75 жойбарды орынлаў басланған.

Бирақ ҳәкимлик ўәкиллериниң хызмет сапарлары тийкарынан Қытай, Россия, Түркия, Қубла Корея ҳәм ҒМДА еллери менен шекленип қалмақта. АҚШ, Япония ҳәм Европа мәмлекетлериндеги дипломатиялық ўәкилликли уйымларымыздың басшылары елимиздеги өзлерине бириктирилген аймақларға инвестиция тартыўда белсендилик көрсетпей атыр.

Өз гезегинде, ҳәкимликлер елшиханалар менен бирге ислесиўди жолға қоймаған. Бул болса сырт елге хызмет сапарларында ерисилген келисимлердиң көпшилиги  тек ғана қағазда қалып кетиўине себеп болып атыр. Мәселен, Ферғана ўәлаятының ҳәкимлиги делегациясы 1-4-февраль күнлери Латвияға хызмет сапары даўамында 6 меморандумға қол қойған, бирақ бүгинге шекем олардың биреўи бойынша анық нәтийжеге ерисилмеген.

Және бир итибар қаратыў зәрүр болған жағдай, ҳәкимликлер ерискен келисимлер тийкарынан шийки затты дәслепки қайта ислеў, тоқымашылық ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў, хызмет көрсетиў тараўларына бағдарланған. Жоқары технологиялы өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириўге байланыслы жойбарлар дерлик жоқ.

Бул бағдардағы жумысларды сын көзқарастан үйренген Жумысшы топар ҳәкимликлер делегацияларын сырт елге жибериў алдынан таярлық жумысларының талап дәрежесинде шөлкемлестирилмей атырғаны, айырым жағдайларда делегация ағзаларының анық ис-режесиниң жоқлығы, тийисли ўәлаяттың экономикалық потенциалы ҳәм әмелге асырыў мүмкин болған жойбарлар ҳаққында зәрүр ҳәм жетерли мағлыўмат беретуғын материаллардың, ролик ҳәм буклетлердиң таярланбағанын анықлады. Үйрениў өткерилген Әндижан, Ферғана ҳәм Наманган ўәлаятларының делегациялары қурамына киргизилген 40 исбилерменнен тек ғана  12  си анық келисимге ерискен.

Хызмет сапары даўамында шәртнамалардың қуры санның арқасынан қуўыў жағдайларының гүзетилип атырғаны да сынға алынды. Қол қойылған меморандум, келисим шәртлери, инвестиция ҳәм экспорт шәртнамаларының анық нәтийжеге қаратылмастан, анық емес – мәдений-гуманитарлық характерге ийе болып қалмақта.

Айырым басшылардың жумысқа жуўапкершиликсиз қатнаста болыўы себепли жойбарларды әмелге асырыў бойынша «Жол карталары» ҳәм тармақ кестелери ислеп шығылмаған, орынлаў бойынша қатаң мониторинг системасы жоқ. Жойбарлар тек интакерлер – жеке исбилерменлердиң ис-ҳәрекетлери нәтийжесинде қыйыншылық пенен жергиликли ҳәкимликлердиң зәрүр жәрдемисиз әмелге асырылмақта.

Жумысшы топар барлық аймақларда усы мәселелерди үйренип шығыў бойынша реже-график таярлап, сол тийкарда орынлардағы жағдайды көрип шығыўы, бар машқалалар ҳәм олардың себеплерин анықлаўы, таллаўы, сапластырыў илажларын көриўи ҳәм жумысларды жеделлестириў бойынша усыныслар ислеп шығыўы керек. Буннан тысқары, бириктирилген дипломатиялық ўәкилликханаларының басшылары менен биргеликте аймақларға тиккелей инвестицияларды тартыў ушын қосымша жойбарларды қәлиплестириў, экспортты көбейтиў, инвестициялық жойбарлар бойынша тармақ кестелерин тастыйықлаў ҳәм жедел әмелге асырыў, жаңа қуўатлықларды өз ўақтында иске қосыў бойынша зәрүр илажларды белгилеўи керек.

Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Сыртқы ислер министрлигине ҳәкимликлер делегацияларының сырт елге хызмет сапарларында ерисилген келисимлердиң орынланыўы бойынша тәсиршең қадағалаў ҳәм муўапықластырыў системасын енгизиў ўазыйпасы тапсырылды.

Мәжилисте Министрлер Кабинети комплекслериниң басшылары, елимиздиң сырт еллердеги елшилери ҳәм ҳәкимлердиң есаплары тыңланды. Сырт ел инвестицияларын өзлестириў ҳәм жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша илажлар белгиленди.

ӨзА