Президент Шавкат Мирзиёевнинг “Шарқ тароналари” ўн биринчи халқаро мусиқа фестивалининг очилишига бағишланган тантанали маросимдаги табрик сўзи

Ассалаўма әлейкум, қәдирли мийманлар!

Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди әййемги ҳәм гөззал Өзбекистан жеринде, уллы Самарқанд қаласында шын жүректен қутлықлаўға руқсат еткейсиз.

Бәршеңизди «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалының салтанатлы ашылыўы менен шын жүректен қутлықлайман.

Бүгинги мәресимде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң орынбасары, Жәҳән туристлик шөлкеминиң бас хаткери Талеб Рифаи, Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Парламентлер ассамблеясының баслығы Кристин Муттонен, Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша структурасы – АЙСЕСКОның бас директоры Абдулазиз Усмон ал-Тувайжри мырза сыяқлы мәртебели мийманларымыз қатнасып атырғаны бизге айрықша қанаатланыўшылық бағышлайды.

Сондай-ақ, Ислам тарийхын, көркем өнерин ҳәм мәдениятын үйрениў бойынша халықаралық орай – ИРСИКА бас директоры Халит Эрен, Халықаралық фольклор көркем өнери шөлкеминиң Азия регионы бойынша Бас хаткери Мун Хюн Сук, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Атқарыў комитетиниң баслығы Сергей Николаевич Лебедев, Россия Федерациясы Президентиниң халықаралық мәдений бирге ислесиў бойынша арнаўлы ўәкили Михаил Ефимович Швидкой, АҚШ ҳәм Канада Бухара еврейлери конгресси президенти Борис Қандов ҳәм басқа да қәдирли мийманларымызды, халқымызға ҳүрмет көрсетип, мине, усындай әнжуманларымызда бәрқулла қатнасып киятырған дипломатиялық корпус ўәкиллерин шын жүректен қутлықлаўдан бахтыярман.

Пурсаттан пайдаланып, барлық фестиваль қатнасыўшыларына «Хош келдиңиз, Самарқанд қаласына, хош келдиңиз, ана Өзбекистанымызға!» деп жоқары ҳүрмет – иззетимди билдириўге руқсат еткейсиз.

Қәдирли дослар!

Дүньяда қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликлер күшейип атырған бүгинги оғада қыйын заманда миллети, тили ҳәм дини ҳәр қыйлы болған миллионлаған адамларды ҳеш қандай дилмашсыз досластыратуғын, олардың арасында бирге ислесиўди ҳәм аўызбиршиликти және де беккемлейтуғын музыка өнериниң орны ҳәм тәсири барған сайын артып бармақта.

Сол мәнисте, «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалының быйылғы әнжуманы айрықша мазмун ҳәм әҳмийетке ийе болып, ол фестиваль шөлкемлескенине жигирма жыл толған тарийхый бир сәнеде өткерилмекте.

Бүгинги қуўанышлы әййямда, мине, усы халықаралық әнжуманға тийкар салған, оның дүнья жүзинде мүнәсип абырой-мәртебеге ийе болыўы ушын үлкен үлес қосқан инсанларды, олардың умытылмас хызметлерин терең миннетдаршылық пенен тән аламыз.

Бул ҳаққында сөз еткенде, бәринен бурын, белгили сиясатшы ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти ҳүрметли Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың әзиз естелигин ҳүрмет-иззет пенен ядқа аламыз. Ислам Әбдиғаниевич өзи туўылып өскен Самарқанд қаласын, оның жүреги болған әййемги Регистан майданын қаншелли терең сүйиспеншилик пенен сүйсе, «Шарқ тароналари» фестивалын да соншелли жақсы көретуғын, қәдирлейтуғын еди.

«Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы өзиниң бийтәкирар руўхы ҳәм келбети, халықлар арасында дослық байланысларды беккемлеў, музыка көркем өнери дәстүрлерин сақлаў, мәдений сөйлесиўди раўажландырыў бағдарындағы ийгиликли мақсетлери менен қысқа мүддетте жоқары дәрежеге еристи.

Бул бағдарда сиз, әзизлер сыяқлы пидайы шөлкемлестириўшилердиң ҳәм қатнасыўшылардың мүнәсип үлеси бар екенин биз жақсы билемиз ҳәм жоқары қәдирлеймиз.

«Шарқ тароналари» фестивалы 1997-жылдан берли қанша үлкен жолды басып өткени, оның өзине тән қәлиплесиў ҳәм раўажланыў тарийхы ҳаққында көп айтыў мүмкин.

Бирақ мен бул бойынша тек ғана бир санға итибарыңызды қаратпақшыман.

Егер 1997-жылы, дәслепки музыка байрамында дүньяның 31 мәмлекетинен 57 атқарыўшы қатнасқан болса, быйыл 58 елден 241 шебер қосықшы ҳәм сазенде қатнаспақта.

«Шарқ тароналари» фестивалы бүгинги күнде ЮНЕСКО тәрепинен музыка әлеминиң ири халықаралық форумы сыпатында тән алынғаны ҳәм бул сөз дүнья бойлап жоқары ҳаўазларда жаңлап атырғаны, әлбетте, оның абыройы менен әҳмийети барған сайын артып атырғанынан дәрек береди.

Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары!

Мине, усы гөззал ҳәм бийтәкирар Регистан майданында турып, өзиниң 2750 жыллық тарийхы даўамында қаншадан-қанша ўақыялардың гүўасы болған Самарқанд қаласы усы күнлерде және де сулыўланып, дүнья музыка көркем өнериниң орайына, шынында да «Жер жүзиниң жарасығы»на айланып баратырғанына бәршемиз гүўа болмақтамыз.

Буннан алты жүз жыл бурын – уллы Әмир Темур заманларында да жети ықлымнан ең шебер сазенде ҳәм қосықшылар жыйналып, Самарқанд үлкесинде гөззал әнжуманлар өткерилгени тарийхый дәреклерден жақсы белгили.

Мине, арадан сонша жыллар, әсирлер өтип, жер жүзиниң мине мен деген музыка шеберлери және әййемги Самарқандқа жыйналып, дүнья халықларын бийтәкирар көркем өнер байрамына шақырмақта.

Биз сиз, әзиз мийманларымызды дүньядағы түрли халықлардың руўхый дүньясын музыка арқалы көрсететуғын, олардың сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткеретуғын тынышлық ҳәм дослық елшилери сыпатында қабыл етемиз. Сизлер сыяқлы мыңлаған көркем өнер ғайраткерлериниң жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў, жоқары адамгершилик идеалларды сақлаў ҳәм беккемлеў жолындағы ийгиликли ҳәрекетлериңизди бәршемиз жоқары қәдирлеймиз.

Фестиваль шеңберинде сиз, әзизлер өз Ўатанының музыка мийрасын көрсетиў менен бирге, бизиң қалаларымыз бенен аўылларымызда болып, Ўатанласларымыз бенен шын жүректен сәўбетлесип, өзбек халқының турмысы, оның арзыў-нийетлери, миймандослық пазыйлетлери менен жақыннан танысыў имканиятына ийе боласыз.

Булардың бәри бизиң елимиз ҳәм халқымыз ҳаққындағы пикирлериңизди кеңейтеди, сизлер ушын дөретиўшилик ҳәм йош дәреги болып хызмет етеди, деп исенемен.

Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары!

Бәршеңизди бүгинги көркем өнер ҳәм нәзиклик байрамы менен және бир мәрте қутлықлап, сизлерге денсаўлық, бахыт ҳәм әўмет, әнжуман жумысына болса табыслар тилеймен.

Әзиз дослар, бүгин бәршемиз жақсы нийетлер орынланатуғын  қутлы ҳәм сақаўатлы Самарқанд жеринде турып, бир мақсетти қәлеймиз:

Дүньяның барлық үлкелеринде өмир бағышлайтуғын музыка намалары бәрқулла жаңлап турсын!

Жәҳәндеги барлық инсанлар бәрқулла татыў болып жасасын!

Жер жүзинде тынышлық ҳәм аўызбиршилик турақлы болсын!

Итибарыңыз ушын рахмет.