Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынларында 2018-2019-оқыў жылынан баслап сыртқы билимлендириў формасында бакалаврлар таярлаў бойынша қабыллаў квоталары тастыйықланды.

Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалына 2018-2019-оқыў жылы ушын сыртқы бөлимге жәми 100 студент – соннан 50 студент қарақалпақ тили топары, 50 студент өзбек тили топарларына төлемли контракт тийкарында қабыл етиледи.

Хош, ТИТУ Нөкис филиалының сыртқы бөлимине қайсы қәнигеликлер бойынша студентлер қабылланады.

 

Қәнигелик коды ҳәм атамасы

Жәми қабылланатуғын студентлер саны

Қарақалпақ топары

Өзбек топары

1

5330502 – Компьютер инжиниринги: ИТ-сервис

50

25

25

2

5350101 – Телекоммуникациялық технологиялар («Телекоммуникациялар»)

 

50

 

25

 

25

Жәми:

100

50

50

 

Еслетип өтемиз, жоқары оқыў орынларының сыртқы бөлимине тек ғана төлемли контракт тийкарында студентлер қабылланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.