Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Түркменстан Президенти Гурбангулы Бердимуҳамедов, Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев, Тәжикстан Республикасы Президенти Имамоли Раҳмон, Қырғызстан Республикасы Президенти Сооранбай Жээнбеков ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғон менен телефон арқалы сөйлести.

Сырт мәмлекетлердиң басшылары Өзбекстан Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, көп миллетли халқымызға тынышлық, раўажланыў ҳәм абаданлық тиледи.

Сөйлесиў ўақтында елимизде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысты жетилистириў, социаллық тараўды реформалаў ҳәм экономиканы либералластырыў, нызам үстинлигин, қәўипсизликти ҳәм миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеў бағдарында сапа жағынан жаңа басқышта әмелге асырылып атырған кең көлемли өзгерислер Өзбекстанның ҳәр тәреплеме жедел раўажланыўына, халықтың турмыс дәрежесиниң ҳәм сапасының турақлы артып барыўына хызмет етип атырғаны айрықша атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти жүргизип атырған салмақлы ҳәм конструктивлик сыртқы сиясатқа, мәмлекетимиз басшысының сырт елли шериклер менен өз-ара пайдалы ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге, сондай-ақ, регионымызда ҳәм глобаллық көлемде тынышлықты, турақлылықты ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған халықаралық ҳәм регионаллық басламаларына жоқары баҳа берилди.

Усы жыл 22-июнь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының Орайлық Азияда регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери бойынша арнаўлы резолюциясы қабыл етилгени регионда дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм исеним орталығын қәлиплестириўге және беккемлеўге қаратылған әмелий ҳәрекетлер халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынып, кеңнен қоллап-қуўатланып атырғанынан дәрек беретуғыны атап өтилди.

Мәмлекет басшылары еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли тәреплерине ҳәм халықаралық сиясатқа байланыслы мәселелер бойынша пикир алысты.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен сөйлесиўде Өзбекстан – Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.

Өз-ара пайдалы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиўге, экономиканың түрли тармақларында ири инвестициялық жойбарларды ислеп шығыўға ҳәм әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды. Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың режеси көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы Россия Президентин футбол бойынша 2018-жылғы Жәҳән чемпионаты жоқары дәрежеде өткерилгени ҳәм онда Россия сайланды командасының табыслы қатнасқаны менен қызғын қутлықлады.

Түркменстан Президенти Гурбангулы Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлесиўде жоқары дәрежедеги еки тәреплеме ушырасыўлардың нәтийжесинде ерисилген келисимлер менен қол қойылған шәртнамаларды кең көлемде әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы жақын қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, бәринен бурын, саўда, санаат кооперациясы, транспорт ҳәм транзит, энергетика тараўларындағы анық жойбарларды әмелге асырыў және мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў бағдарында тәреплердиң умтылысы исенимли екени атап өтилди.

Бул бағдарда өз-ара бирге ислесиўдиң анық мәселелери усы күнниң биринши ярымында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Эсенмурат Оразгелдиев менен ушырасыўында додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президенти Нурсултан Назарбаев пенен сөйлесиўде туўысқан еллеримиз арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын беккемлеўге, стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўға қосып атырған жеке үлеси ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди

Өз-ара саўда көлеминиң жедел артып, қоспа жойбарлар табыслы әмелге асырылып, транспорт қатнаўы кеңейип, еллеримиздиң исбилермен топарлары ҳәм аймақлары арасында жедел байланыслар раўажланып атырғаны, Қазақстанда Өзбекстан жылы мәдений-гуманитарлық ҳәм исбилерменлик илажларға бай өтип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Тәжикстан Президенти Имомали Раҳмон менен сөйлесиўде Тәжикстан басшысының Өзбекстанға дәслепки мәмлекетлик сапар етиўине таярлық көриў және болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлар бағдарламасын анық мазмун, соның ишинде, өз-ара пайдалы жойбарлар менен байытыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Тәреплер көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларына тийкарланған Өзбекстан – Тәжикстан қатнасықларын буннан былай да беккемлеў жолында барлық имканиятларды иске қосыўға, биргеликтеги бизнес басламаларды ҳәм аймақлараралық байланысларды қоллап-қуўатлаўға, мәдений-гуманитарлық алмасыўларды ҳәр тәреплеме жеделлестириўге келисип алды.

Мәмлекетимиз басшысы Қырғызстан Президенти Сооранбай Жээнбеков пенен узақ мүддетли бирге ислесиўдиң анық бағдарларын додалады. Усы жыл март айында Ферғана қаласында еки ел Бас министрлериниң басшылығында болып өткен Өзбекстан ҳәм Қырғызстан шегара алды аймақлары басшылары кеңеси биринши мәжилисиниң табыслы нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Тәреплер кең көлемли бирге ислесиўди, соның ишинде, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация, энергетика ҳәм басқа да тараўлардағы шерикликти раўажландырыўдан мәпдар екени атап өтилди.

Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдўғон менен телефон арқалы сөйлесиўде Түркия басшысының усы жыл апрель айының ақыры – май айының басында Өзбекстанға мәмлекетлик сапары жуўмағында ерисилген келисимлерди ҳәм қол қойылған ҳүжжетлерди әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Түркияның жетекши компаниялары ҳәм банклериниң қатнасыўында елимизде жоқары технологиялы өндирислик қуўатлықларды жаратыў, энергетика, транспорт-коммуникация ҳәм туризм инфраструктурасын модернизациялаў бойынша инвестициялық жойбарларды жүзеге шығарыўға айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти сырт ел мәмлекет басшыларына қызғын қутлықлаўлар ушын миннетдаршылық билдирип, өз гезегинде, дос мәмлекетлер – Россия, Түркменстан, Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Түркия халықларына тынышлық, турақлылық ҳәм абаданлық тиледи

*   *   *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң атына көплеген мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, белгили, сиясий ғайраткерлерден қутлықлаўлар келмекте:

– Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин;

– Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Ин;

– Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев;

– Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко;

– Армения Республикасы Президенти Армен Саркисян;

– Украина Президенти Пётр Порошенко;

– Ҳиндстан Республикасы Президенти Рам Натҳ Ковинд;

– Индонезия Республикасы Президенти Жоко Видодо;

– Россия Федерациясы Федерал Мәжлиси Федерация Кеңесиниң баслығы Валентина Матвивенко;

– Россия Федерациясы  Ҳүкимети Баслығы Дмитрий Медведев;

– Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян;

– Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, Президент ислери бойынша министри шайх Мансур бин Зоид Ол Наҳаён;

– Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары шайх Сайф бин Зоид Ол Наҳаён;

– ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев;

– Халықаралық авиация комитетиниң баслығы Татьяна Анодина;

– Европа парламентиниң Орайлық Азия еллери менен бирге ислесиў бойынша делегациясы баслығы Ивета Григуле-Петерсе.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.

ӨзА