Бәршемиз асығып күткен ең уллы, ең әзиз байрамымызЎатанымыз ғәрезсизлигиниң жигирма алты жыллық байрамы елимиздиң барлық орынларда көтериңки руўхта өтпекте. Усындай байрам илажлары «Пидайың болғаймыз сениң, Өзбекистан!» сүрени астында Үстирт газ химия комплексинде болып өтти.

Оған Қоңырат районы ҳәкими Ш.Темирбаев, Мойнақ районы ҳәкими С.Данияров, Өзбекистан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы кеңеси баслығы А.Данияров, мәкеме, кәрхана басшылары, мийнет жәмәәтлери, жаслар қатнасты ҳәм байрам менен қутлықлады.

Илажда шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, барлық тараў ўәкиллери уллы байрамымызға жоқары табыслар, жетискенликлер менен жетип келиўге умтылады.

Үстирт газ химия комплексинде ислеп шығарылып атырған полиэтилен ҳәм полипропилен өнимлериниң 90 проценти экспортқа бағдарланған болып, ол өнимлер Россия, Қазақстан, Түркия, Қубла Корея, Қытай,  Қырғызстан, Латвия, Аўғанстан, Түркменстан, Болгария, Италия, Украина, Швейцария, Грузия, Белоруссия, Германия сыяқлы еллерге сатылмақта. Бир ғана ярым жыллықтың озинде жаңадан алты мәмлекет базарларына өнимлердин шығарылыўы жолға қойылды.

Илажда Үстирт газ химия комплексинде өзлериниң пидайы мийнети, интасы, елимиздиң экономикасына ҳәм экспорт потенциалының раўажланыўына үлес қосып киятырған 20 жумысшыға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң, Қоңырат районы ҳәкимиятының ҳәм Үстирт газ химия комплексиниң Ҳүрмет жарлықлары менен баҳалы саўғалар тапсырылды.

Сондай-ақ, байрамымыздың жигирма алты жыллығына бағышлап спорттың алты түри (футбол, баскетбол, волейбол, шахмат, шашка, стол тенниси) бойынша жәмәәт арасында өткерилген жарыс жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими де өткерилди. Онда ең жақсы ойыншылар менен жәмәәтлер хошаметленди.

– Елимиздеги ең ири кәрханаларынан бири саналатуғын мийнет жәмәәтимиздиң басым көпшилиги отыз жасқа шекемги хызметкер қурағанлығы себепли бизиң комплексимизди халық арасында жаслар комплекси деп те атап кеткен, – дейди «Uz-Kor Gas Chemical» қоспа кәрханасының Орайлық завод лабораториясы баслығы, тәжирийбели жас қәниге Аббаз Сулайманов.

Байрам илажлары концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесининң комитет баслығы С.Турманов қатнасты.

 

М.ИГИЛИКОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы