Улуғбек шаҳарчаси олимлар шаҳарчаси бўлади

Президент Шавкат Мирзиёев 20-июль күни Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Ядро физикасы институтына барды.

Энергия пайда ететуғын қуўатлықларды көбейтиў, энергетика тараўын диверсификациялаў мақсетинде елимизде атом энергия станциясын қурыўға кирисилди. Жоқары технологияларға тийкарланған бул ўазыйпаны әмелге асырыў ушын заманагөй билимлерди терең ийелеген қәнигелер талап етиледи. Сол себепли Ташкентте Москва инженерлик-физика институтының филиалын ашыў мөлшерленбекте. Усы билимлендириў мәкемесин Ядро физикасы институты аймағында жайластырыў режелестирилмекте.

Президент Шавкат Мирзиёев бул бағдардағы жойбарлар менен танысты. Оқыў имаратларын ҳәм лабораторияларды дүнья стандартлары тийкарында қурыў, ең заманагөй технологиялар менен тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти. Бәршемизге белгили, Ядро физикасы институты пайтахтымыздың Улығбек қалашасында жайласқан. Мәмлекетимиз басшысы усы қалашаның Бас режесин ислеп шығыў бойынша тапсырма берди.

98f12d0a-6cd1-8a19-821c-dd96d8efbf05.jpg

«Бул қалаша илимпазлар қалашасы болыўы керек. Жақын ўақытларда бул жерге басқа илимий-изертлеў институтларын да көширемиз. Илимпазлар ушын, илимниң раўажланыўы ушын барлық шараятларды жаратып беремиз», -деди Шавкат Мирзиёев.

Президент қалашаның аймағын кеңейтип, институтлар ушын имаратлар, жаңа турақ жайлар, мектеп ҳәм дем алыў орынларын қурыў, қала орайы менен транспорт қатнаўын жақсылаў, жер үсти метросын алып келиў зәрүрлигин атап өтти. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызмети хабар бермекте.

ӨзА