Мәмлекетимиздиң раўажланыўын жас кадрлар белгилейди. Бүгинги күнде елимиздеги 9,7 мың мектепте 5,2 миллион оқыўшы билим алады, оқыў-тәрбия ҳәм басқарыў процесинде 450 мыңнан аслам хызметкер мийнет етеди.

Парламенттиң төменги палатасының Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша комитети тәрепинен өткерилген «Улыўма орта билимлендириў сапасын жаңа басқышқа көтериў, оқытыўшының абырайын арттырыў-дәўир талабы» темасындағы кеңейтилген мәжилисте мектеплердеги жағдайды жақсылаў ушын не ислеў керек, деген ужыбатлы сораўға жуўап изленди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2018-жыл 17-июль күни улыўма орта билимлендириў системасын реформалаў ҳәм раўажландырыў мәселелерине бағышлап өткерилген мәжилисте белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар алдында турған мәселелерге тийкарғы итибар қаратылған еди.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен атап өтилгениндей, соңғы жыллары оқыўшылар сабақлықлар менен, компьютер класлары болса үскене ҳәм компьютер топламлары менен толық тәмийинленбегени, билимлендириў мәкемелериниң интернет тармағына жетерли дәрежеде жалғанбағаны, айырым мектеплерде оқыўшылар санының сыйымлығына салыстырғанда еки есеге көп екенлиги, айырым сабақлардан оқытыўшылардың жетиспеўшилиги ямаса мектеплерде оқытыўшылардағы турақсызлықтың жоқарылығы сыяқлы факторлар улыўма орта билимлендириў мектеплеринде билимлендириў сапасының кескин төменлеп кетиўине алып келди.

Сондай-ақ,  оқыўшылардың саламат аўқатланыўының  сапалы шөлкемлестирилмегени, мектеплерде мийирбийкелер жумысының қанаатландырарлы жолға қойылмағаны ҳәм оқыўшылардың терең билим алыўы, ата-аналар тәрепинен перзентлериниң билим-тәрбия ийелеўи ушын жетерли шараятларды жаратып бериўге байланыслы миннетлемелерин орынламаўы да буған өзиниң унамсыз тәсирин көрсетти. Мағлыўматларға қарағанда, республикамыздағы улыўма билим бериў мектеплериниң 60 проценти оңлаўды талап етеди. Мектеплерде интернеттен пайдаланыў тек ғана 7 процентти қурайды.

Әсиресе, халық билимлендириў хызметкерлериниң айлығының төменлиги, олар өз ўазыйпасынан басқа жумысларға да тартылып келингени нәтийжесинде оқытыўшылардың рейтинг көрсеткишлери де жылдан-жылға төменлеп барды. Мәжилис қатнасыўшыларының пикиринше, айырым раўажланған мәмлекетлерде оқытыўшының мийнет ҳақысы елимиздеги орташа айлық мийнет ҳақыдан  1,5 есеге көп болған ҳалда, Өзбекстанда оқытыўшының айлығы орташа мийнет ҳақының 79 процентин қурайтуғыны билимлендириў сапасына өз тәсирин көрсетиўи тәбийғый. Мәртебеси ҳәм дәраматы артқан оқытыўшы билимлендириўде сапа индикаторы бола алады.

Сондай-ақ, улыўма орта билимлендириўди сапа жағынан жоқары басқышқа көтериўде мәмлекетлик билимлендириў стандартларын және оқыў режелерин ҳәм оқыў бағдарламаларын жетлистириў, сабақлықлардың мазмунын, сапасын сын көзқарастан қайта көрип шығыў зәрүр. Әсиресе, улыўма орта билимлендириў мектеплерин күшли басқарыў маманлығына ийе болған басшылар менен тәмийинлеў, оқыў-тәрбиялық процесслерди дурыс шөлкемлестириў, заманагөй технологияларды қолланыўға айрықша итибар қаратылыўы, 2019-жыл Мәмлекетлик бюджети параметрлерин көрип шығыўда халық билимлендириў системасына ажыратылатуғын қаржылардың муғдарын арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте усы мәселе бойынша парламент көзқарасынан келип шығып, улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде оқытыў сапасын буннан былай да жоқарылатыўға хызмет ететуғын нызам ҳүжжетлерин ислеп шығыў, барларын бүгинги күн талаплары тийкарында жетилистириў ҳаққында сөз барды. Бунда парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды алып барыў тийкарында педагоглардың жеке жуўапкершилигин күшейтиў, ата-аналардың перзентлериниң тәрбиясына болған миннетлемесин, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм пуқаралық жәмийетитиң басқа да институтларының ролин арттырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелерге айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Илаж соңында жәмийетте оқытыўшылардың абырайын ҳәм олардың мәртебесин арттырыў механизмлерин жетилистириў бойынша пикир-усыныслар ислеп шығылды.

Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы