Япония ҳүкимети тәрепинен жәрияланған «Инсан қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша киши көлемдеги социаллық жойбарларға бийғәрез жәрдем бағдарламасы» грант жойбарына республикамыздан бир қатар емлеў мәкемелери қатнаспақта.

Жақында Японияның Өзбекстандағы елшиханасының екинши хаткери Кадзуёси Ямагива ҳәм киши грантлар бағдарламасының координаторы Куриа Цутаки усы грант жойбарында қатнасыў тилегин билдирген емлеў мәкемелеринде болып, жумыслар менен жақыннан танысты.

-Грант жойбарына қатнасыўдағы тийкарғы мақсетимиз, Германияның «CariZeissMeditecAG.» фирмасында ислеп шығарылған улыўма баҳасы 110 238 USD болған «OPMIVARIO» операция микроскопын алмақшымыз,-дейди О.Халмуратов атындағы республикалық көп тармақлы медицина орайы нейрохирургия бөлиминиң баслығы Руслан Худайбергенов.-Бүгинги күни бас ҳәм арқа мий өспеси, оның раўажланыў аномолиясы, омыртқа грижасы ҳәм басқа да кеселликлер емлеўде жоқарыда атап өтилген микроскоп оғада зәрүр. Емлеўханамызда усы үскене болмағанлығы себепли  ҳәр жылы 600 ге шамалас наўқасты Ташкент қаласына жибериўге мәжбүр боламыз. Егер де Япония ҳүкиметиниң грант жойбары тийкарында «OPMIVARIO»  операция микроскопын алсақ, наўқасларды өзимизде емлеў имканияты пайда болады.

Денсаўлықты сақлаў тараўында бир қатар раўажланған еллер, соның ишинде, Япония менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлар республикамыздағы емлеў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлениўине, наўқасларға көрсетилип атырған медициналық хызмет сапасын жақсыланыўына өзиниң унамлы тәсирин тийгизбекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.