Шоманай районында брикет ислеп шығаратуғын биринши жеке меншик кәрхананың қурылысы басланды.

Мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстанның брикетке болған талабы жылына 41 мың тонна болып, «Брикет Шоманай» жуўапкершилиги шекленген жәмийети соның 20 мың тоннасын жеткерип бериўи режелестирилмекте.

Усы цех жумыс баслағаннан соң Қанлыкөл, Хожели, Шоманай районларының брикетке болған талабын қанаатландырыўы күтилмекте. Кәрханада жылына 20 мың, күнине 70-80 тонна өним ислеп шығарылады. Брикет өндирисиндеги тийкарғы шийки зат – көмирдиң ВР1, ВР2 қумлары Ангреннен алып келинеди.  Улыўма нырқы 3 миллиард сумлық болған жойбар ушын  «Өзсанаатқурылысбанк»иниң кредит линиясы қаржылары есабынан кредит ажыратылып, соннан үскенелер ушын 501 миллион сум, техникаға 550 миллион сум, ал, кәрхананың қурылысы ушын 1 миллиард сум қаржы жумсалыўы нәзерде тутылмақта. Кәрхана иске түссе, онда 12 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленеди.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, республика бойынша 545 билимлендириў мәкемесине жылына 4 мың 136 тонна брикет сарыпланады. Быйыл жергиликли бюджет қаржылары есабынан бул ушын 984 миллион сумнан аслам қаржы ажыратылған.

 

 

  М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы.