Тахтакөпир районында бүгинги күнде 23 улыўма билим бериў мектеби, 2 кәсип өнер колледжи, 1 балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби  болып,  20172018-оқыў жылында  спорт тараўында улыўма билим бериў мектеплеринде спорт дөгерегине жәми 1900  оқыўшы қатнасқан болса,  кәсип өнер колледжлеринде  саламатландырыў топарына 173 оқыўшы, балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби  спорттың 14 түри бойынша  1178 оқыўшы спорт пенен турақы шуғылланып келмекте.

Бул ҳаққында Тахтакөпир районлық Денетәрбия ҳәм спорт бөлими баслығы Әдилбек Жиенбаев мағлыўмат бермекте.

-Районымыз спорт тараўында  айтарлықтай жетискенликке ерисип келмекте. Атап айтқанда, усы жыл 23-25- февраль күнлери аралығында Ташкент қаласында өткерилген спорттың өзбек жаўынгерлик өнери  бойынша 2001-2002-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Өзбекстан чемпионатында Шахноза Ҳабипназарова үшинши,  26-27-февраль күнлери пайтахтымызда спорттың туран жеке гүреси бойынша Өзбекстан чемпионатында спорт мектеби тәрбияланыўшысы  Айжамал Жумамуратова биринши, Шахноза Оразбаева үшинши орынларды ийеледи.

Усы жылдың  19-20- март күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың көркем гимнастика түри бойынша өткерилген «Бәҳәр» атамасындағы 2002-2003-жыллары туўылған  ҳәм оннан киши жастағы қызлар арасында өткерилген республикалық турнирде  Ҳүрзия Досжанова, Жансулыў Татлымуратовалар екинши, Улбосын Атамуратова, Айдана Сметуллаева, Нурила Абибуллаева, Дилноза Дәўлетбаева, Дилфуза Жеңисбаевалар үшинши орынды ийеледи.

Усы жыл март айында улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында «Үмит нәлшелери – 2018» спорт жарысларында спорттың 21 түри бойынша райондағы улыўма билим бериў мектеп оқыўшылары қатнасып, командалық есапта үшинши орынды ийеледи.

Буннан басқа да республикамыз көлеминде өткерилип атырған  спорт жарысларына  районның жас спортшылары белсене қатнасып келмекте.

Усы жылы  район көлеминде 30 дан аслам спорт жарысларын өткериў режелестирилген. Олар  улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында (15 спорт жарысы), мәҳәллелердеги жәмлеспеген жаслар арасында (11 спорт жарысы), ҳаял-қызлар арасында (2 спорт жарысы), мәкеме кәрхана ҳәм шөлкемлер арасында (2 спорт жарысы) ҳәм жас шаңарақлар арасында (2 спорт жарысы) өткериледи.

Сондай-ақ, район спортшылары елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы байрамына қызғын таярлықлар көрмекте.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы