Елимизде Қырғызстан Республикасының қәўипсизлик, ҳуқық қорғаў ҳәм нызамшылық секторларының ҳаял-қызлар ассоциациясының делегациясы мийман болып турыпты.

Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетинде усы делегацияның ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Республикалық Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Т.Норбоева Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында алып барылып атырған реформалар процесинде ҳаяллардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, шаңарақ. аналыққа ҳәм балалыққа байланыслы әҳмийетли мәселелерге өз ўақтында шешим табыў, саламатлықты беккемлеў, жаслар, шаңарақлар исбилерменлигин раўажландырыў мәселелери үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы бул бағдарда жаңа имканиятларды ашып бермекте. Елимизде ҳаялларға қаратылып атырған итибар, ҳаял-қызлар, шаңарақлардың мәплерин тәмийинлеў бағдарындағы әмелий жумыслар мийманларда айрықша тәсир қалдырды.

Илаж даўамында Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети менен Қырғызстан Республикасының қәўипсизлик, ҳуқық ҳәм нызамшылық секторларының ҳаял-қызлар ассоциациясы арасындағы бирге ислесиў мәселелери бойынша меморандумға қол қойылды.

Қырғызстан делегациясының Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги системасында мийнет етип атырған ҳаял-қызлар менен ушырасыўы да қызғын руўхта өтти.

– Сапар оғада пайдалы болмақта, – дейди Қырғызстан Республикасының қәўипсизлик, ҳуқық ҳәм нызамшылық секторларының ҳаял-қызлар ассоциациясы баслығы Каана Айдаркул. – Сөйлесиўлер ҳәм ушырасыўлар даўымында бирге ислесиў перспективаларын белгилеп алмақтамыз. Өзбекстанда ҳаяллардың, шаңарақлардың мәпин тәмийинлеў бағдарындағы әмелий ис-ҳәрекетлер итибарға ылайық.

Мийманлар Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплексинде, Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетинде, Халық билимлендириў министрлигинде де болды.

Сондай-ақ, Самарқанд қаласына сапары нәзерде тутылған

Н.УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы