Белгили бир себеплер менен ажырасқан шаңарақта да бәрибир өмир даўам ете береди. Ата-ана өз арбасын бөлек тартыўы мүмкин. Бирақ шаңарақта камалға келмеген, еле ҳуқықларын билмеген, үлкенлердиң қорғаўына мүтәж перзентлер болса ше? Олардың ата ямаса ана меҳринен жуда, ярым кеўлин толтырыў қыйын, әлбетте. Бундай балалар камалға келип, бийғәрез өмирге қәдем қойыўына шекем болған дәўирдеги нызамлы ҳуқықы – алименттен де бос қалса, олардың дәртин ким тыңлайды? Ҳуқықларын ким қорғайды?

Парламенттиң төменги палатасындағы Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясы тәрепинен Нызамшылық ҳәм Суд-ҳуқық мәселелери комитети және Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша комиссия менен биргеликте шөлкемлестирилген «Шаңарақ орталығының перзент тәрбиясына тәсири: ажырасыўлардың анализи ҳәм балалар тәғдири» атамасындағы дөгерек сәўбетинде әне усы мәселе додаланды.

Қатнасыўшылар елимизде шаңарақ институтын беккемлеў бағдарында алып барылып атырған реформаларға иркиниш жасап атырған бул мәселе ҳаққында сөз етер екен, биринши гезекте, жас шаңарақларда арзымаған машқалалар бойынша келип шығатуғын түсинбеўшиликлер себепли ажырасыўлар көбейип атырғаны тәшўишли екенин атап өтти.

 Мағлыўматларға қарағанда, 2017-жылы жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен алимент бойынша қарыздарлықлар бағдарында 3,7 мың ис көрилген. Алимент төлемей атырған 2,3 мыңнан аслам пуқараға излеў жәрияланған. 180 мың қарыздар пуқараның турақлы дәрамат дәрегине ийе емеслиги себепли алимент төлей алмай атырғаны анықланған.

Дөгерек сәўбетинде ажырасқан шаңарақлар ўәкиллериниң экономикалық жағдайы, перзентлери ушын алимент өндириў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Әмелдеги нызамшылықта бул бағдарда белгиленген нормалардың мазмуны, ҳуқықты қолланыў әмелияты ҳәр тәреплеме талқыланды.

Илажда фракция ағзалары «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер киргизиў усынысын берди. Атап айтқанда, алимент алыў ҳуқықына ийе болған жас өспиримлерди қоллап-қуўатлаў бойынша қор шөлкемлестириў мақсетке муўапық екени атап өтилди. Буннан тысқары, бул қор тәрепинен төленген қаржылар қарыздар тәрепинен мәжбүрий тәртипте өндирип алынатуғыны, бул бағдарда нәтийжели механизмди жүзеге келтириў имканы бар екени атап өтилди.

Бир қатар сырт еллердиң тәжирийбесинен келип шығып, бул бағдарда қарыздарларды транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан ўақытша айырыў әмелиятын  енгизиў усынысы да алға қойылды.

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы