Нөкис қаласында өткен жылдың 6 айы даўамында 619 адам ҳайўанлардан зыянланған болса, быйылғы жылдың 6 айында 521 адам жәбирленген. 2018-жылдың 6 айы даўамында «Д» категориядағы, яғный ийеси белгили үй ҳайўанлары тәрепинен тислеў арқалы жарақатланғанлардың саны 381 (73,1%), «С» катогориядағы, яғный ийеси белгисиз қаңғымай ҳайўанлар тәрепинен тислеў арқалы жарақатланғанлар саны 140 (26,8%) адамға жеткен.

– Қутырыў кеселлиги жүдә қәўипли өткир жуқпалы кеселлик болып, барлық ыссы қанлы ҳайўанларда ҳәм адамларда ушырасады. Бул вируслар тийкарынан орайлық нерв системасын жарақатлайды. Вируслар көп муғдарда қутырыў кеселлигине шалынған ҳайўанлардың силекейи арқалы сыртқы орталыққа ажыралып шығады,-дейди Нөкис қаласы Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайының шыпакери А.Алимбетов.

– Кеселликтиң тийкарғы дереги қутырыў кеселлигине шалынған ийт, пышық, сағал, қасқыр, тышқанлар болып есапланады.

Қутырыў кеселлигиниң алдын алыў ушын ең алды менен ҳайўан тислеген жерди хожалық сабыны менен ағын суўда жуўып, жарақат әтирапына 70 %лик спирт еритпесин сүртип, кейин стерилленген бинт пенен байлап, дәрҳал ўақытты өткермей шыпакерге көриниў керек.

Бүгинги күнде республикамызда қутырыў кеселлигиниң алдын алыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 8-июльдеги «Қараўсыз қалған ҳайўанларды тутыў ҳәм сақлаўға байланыслы хызметлердиң жумысын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары бойынша жумыс алып барылмақта.

Усы қарар бойынша ҳәр бир хожалық өзиниң үйинде ийт ҳәм басқа да ҳайўанларды сақлағанында, белгиленген қағыйдаларға әмел етиўи шәрт екени көрсетилген. Яғный ветеринария бөлиминен дизимнен өткериўи, қутырыў кеселлигине қарсы шаныштырыўы, ийтти байлаған ҳалда сақлаўы ҳәм үйиниң әтирапына ийти бар екенлигин билдиретуғын ескертиўши тахта орнатыўы керек. Жоқарыда көрсетилген қағыйдалар бузылған жағдайда белгиленген тәртипте ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады.

– Пуқаралардан өтинишимиз, егер көшеде қаңғырып жүрген ийтлерди көрсе, олардан жергиликли абаданластырыў бөлимине хабар бериўин сорап қалар едик. Себеби, олардың ҳәзирги көбейиў дәўиринде ҳәм алдағы гүз мәўсиминде қутырыў кеселлигин алдын алыў илажларын әмелге асырыўда оғада әҳмийетли болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.