Қанлыкөл районындағы «Aydos Diyorbek» жеке меншик кәрханасы тәрепинен  «Арал теңизи бақаншақлары» естелик сувенирлерин сатыў жолға қойылды.

Жас исбилермен қарақалпақ халқының миллий қәдириятларын өзинде жәмлеген миллий чай қалташаларында Арал теңиз бақаншақларын сувенир саўғасы сыпатында сатыўға шығарды.

Бул және бир өзгеше сувенир район халқы ҳәм туристлерге, сатып алыўшыларға Қарақалпақстанды, Арал теңизи жағысларындағы тәсирлерди еслетеди.

Мағлыўмат ушын, буннан алдын «Aydos Diyorbek» жеке меншик кәрханасы «Арал теңизи аймағы ҳаўасы» сувенирин ислеп шығарыўды жолға қойған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги