Реңи өзгертилген (қарайтылған) айналы жеңил автотранспорт қуралларынан пайдаланыўды тәртипке салыў илажлары ҳаққында ҳүкиметлик қарар қабыл етилди, деп хабар берди «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

Хабарда жазылыўына қарағанда, қарарға муўапық 2018-жылдың 1-августынан баслап қарайтылған айналы жеңил автотранспорт қуралларынан пуллы тийкарда пайдаланыўға руқсат берилди.

Айналарды қарайтыў Ишки ислер министрлиги жанындағы «Инновациялық жойбарлар ҳәм халыққа сервис хызметлерин көрсетиў орайы» МУК тәрепинен әмелге асырылады.

Айналарды қарайтыў ушын Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети (МЖҲҚХ)нен руқсатнама (1 жылға бериледи) алыў керек.

Артқы айнаны жақтылық өткериўшеңликдәрежеси 5% тен кем болмаған (95% ке қарайтыў), артқы қаптал айналарды жақтылық өткериўшеңлик дәрежеси 30% тен кем болмаған (70% ке қарайтыў) дәрежеде өзгертиў мүмкин.

Алдынғы айнаның жоқарғы бөлимин 14 сантиметрден көп болмаған ҳәм жақтылық өткериўшеңлик дәрежеси 30% тен кем болмаған формада өзгертиў ушын руқсатнама талап етилмейди.

Сырт еллердиң айналары қарайтылған жеңил автотранспорт қураллары Өзбекстанға кириўи ҳәм транзит ҳәрекетлениўи ушын 15 АҚШ доллары муғдарында жыйым өндириледи.

Қарайтыўға руқсатнама бергени ушын төлем физикалық шахсларға ең кем мийнет ҳақының 90 есеси (16 587 000 сум), юридикалық шахсларға ең кем мийнет ҳақының 120 есеси (22 116 000 сум) ҳәм сырт еллердиң юридикалық шахсларына ең  кем мийнет ҳақының 140 есеси (25 802 000 сум) етип белгиленди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.