Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-июль күни улыўма орта билимлендириў системасын реформалаў ҳәм раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

 Оған Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйлери, тараўдың жуўапкер министрликлери ҳәм ведомстволарының басшылары қатнасты.

Соңғы жылларда билимлендириў тараўының барлық басқышларын замана талаплары тийкарында шөлкемлестириў бойынша бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 30-сентябрьдеги қарарына муўапық, Халық билимлендириў министрлигиниң басқарыў системасы жетилистирилди, тийкарғы ўазыйпа ҳәм жумыс бағдарлары белгилеп берилди. Жақында министрлик басшылығында өзгерислер әмелге асырылып, оқыў-тәрбия процесине алдыңғы педагогика  ҳәм информация-коммуникация технологияларын енгизиў, оқытыўшылардың жәмийеттеги абырыйын жоқарылатыў арқалы билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша көплеген ўазыйпалар қойылды.

Мәжилисте усы көрсетпелер тийкарында ислеп шығылған халық билимлендириў системасын реформалаў бойынша илажлар менен таныстырыў өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы улыўма орта билимлендириў системасы инсан ресурсларын раўажландырыўдың негизи, мектеплер жасларда билим, дүньяқарас ҳәм руўхыйлық тийкарларын қәлиплестиретуғын тийкарғы орын екени атап өтилди.

Бүгин елимиздеги 9,7 мың мектепте 5,2 миллион оқыўшы билим алады, оқыў-тәрбия ҳәм басқарыў процесинде 450 мыңнан аслам хызметкер мийнет етеди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, соңғы жылларда колледж ҳәм лицейлерге көбирек итибар қаратылып, улыўма билим бериў мектеплерин заман талапларына бейимлестириў, оларды бир пүтин системаға бирлестириў мәселеси шетте қалды. Бул системағы бюджет қаржылары кейинги гезекте ажыратылып келинди, халық билимлендириў хызметкерлери өз ўазыйпасынан тысқары басқа жумысларға турақлы тартылды. Ақыбетинде билимлендириўдиң сапасы төменлеп кетти.

Оқытыўшылар балалар менен ислесиўдиң орнына пул жыйнаў, ҳәр қыйлы тексериўши комиссияларды «разы етиў» менен әўере болып қалды. Бул болса, қатнастың төменлеп кетиўи, оқыўшылардың қараўсыз қалыўы, тәрбиясы бузылыўы ҳәм   айырым жағдайларда түрли зыянлы ағымларға қосылыў жағдайларын келитирип шығарды.

Ҳәзир заманның өзи «инсан капиталы»на инвестиция киргизиўди көбейтиўди талап етпекте. Негедур, бүгин инвестиция бурынғыдай арзан жумыс күши бар орынға пул тигип атырған жоқ. Себеби, жедел илимий-техникалық раўажланыў саўаты төмен жумысшыға талапты кескин азайтып жибермекте.

Усы мүнәсибет пенен Халық билимлендириў министрлиги басшылығына бул системада топланып қалған машқалаларды шешиў бойынша анық усыныслар ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысы мәселениң көлеминен ҳәм билимлендириў системасының өзине тәнлигинен келип шығып, бәринен бурын, оқытыўшының жәмийеттеги абырайын арттырыў зәрүрлигин атап өтти. Мысал ушын, Қубла Корея, Япония, Германия, Канада сыяқлы мәмлекетлерде оқытыўшының айлығы елимиздеги орташа айлықтан 1,5 есеге көп. Елимизде болса оқытыўшының айлығы орташа айлықтың тек ғана 79 процентин қурайды.

Сондай-ақ, оқытыўшылардың абырайын арттырыў ушын оларды басқа жумысларға тартыўды, жумысын тексериўди шеклеў керек. Бул ушын оқытыўшының ҳуқықын қорғайтуғын арнаўлы ҳуқықый хызметти қәлиплестириў, социаллық роликлер жаратып, олардың абырайын арттырыў зәрүр.

Ҳәзирги ўақытта улыўма билим бериў мектеплериниң директорларына ҳәм олардың орынбасарларына қойылатуғын талапты қайта көрип шығыў лазым. Яғный ҳақыйқый басқарыўшы (менеджерлик) қәбилетине ийе болған кадрларды директорлыққа тайынлаў, руўхый-ағартыўшылық ҳәм оқыў ислери бойынша орынбасарлардың жуўапкершилигин кескин арттырыў, сертификация системасын енгизиў мақсетке муўапық. Бул мектеплерде ишки жәмийетлик қадағалаў системасын жақсылаўға хызмет етеди. Үлгили мектеплерди көбейтиў ушын олардың рейтингин ислеп шығыў мүмкин болады.

Президент Шавкат Мирзиёев Халық билимлендириў системасында қаржыландырыў қанаатландырарсыз жағдайда екенин және бир мәрте атап өтип, өткен жылы тараўға ажыратылған бюджет қаржыларының жалпы ишки өнимдеги үлеси 4,1 проценттен 3,8 процентке азайғанын атап өтти. Сол ушын Қаржы министрлиги 2019-жылғы Мәмлекетлик бюджетти қәлиплестириўде бул тараўдың үлесин арттырыўға айырықша итибар қаратыў керек.

Мәмлекетимиз басшысы системаға жоқары маманлықтағы қәнигелерди тартыўды, Халық билимлендириў министрлиги жанында оларды хошаметлеў мақсетинде өз алдына қор шөлкемлестириўди усыныс етти.

Және бир машқала мектеплерди қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша бир неше мәмлекетлик бағдарламалар қабыл етилип, әмелге асырылып  атырғанына қарамастан, олардың 60 проценти оңлаўға мүтәж аўҳалда қалып атырғаны болып табылады. Тийкарғы себеп болса қурылыс-оңлаў жумысларына «инсапсыз» жумысты бөлип ислеўшилер тартылып атырғанында. Усы мүнәсибет пенен тийисли жуўапкер адамларға халық билимлендириў системасында арнаўлы инжиниринг компаниясын шөлкемлестириў бойынша усыныс бериў тапсырылды.

Шавкат Мирзиёев улыўма билимлендириўдиң сапасын жаңа басқышқа көтериў мәселесине айрықша итибар қаратты. Бунда мәмлекетлик билимлендириў стандартларын ҳәм оқыў режелерин оқыўшының ҳәр бир класста қайсы көнликпеге ийе болыўын есапқа алған ҳалда қайта көрип шығыў керек. Жоқары ҳәм мектепке шекемги системалар менен үзликсизликти тәмийинлеўге де итибар бериў зәрүр.

Соның менен бирге ең заманагөй усыллар тийкарында сабақлықлар жаратыў ҳәм басып шығарыў, мектеплерде технология, инженерлик пәнлери, математика, көркем өнер, шет тиллери бағдарларын күшейтиў, оларға тийисли лабораторияларды қайта үскенелеў керек болады. Бул оқыўшыларда көбирек еркин билим алыў көнликпесин қәлиплестириўге жәрдем береди.

Президентимиз билимлендириў системасына информация-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў зәрүрлигин атап өтти. Атап айтқанда, оқыў процесин нәтийжели басқарыў системасын жолға қойыў ушын оқыўшылар, ата-аналар, оқытыўшылар ҳәм мектеплер бойынша мағлыўматлар базаларын жаратыў, оларды орайластырыў керек. Оқыўшыларды биринши классқа қабыл етиў, мектептен мектепке көшириў ҳәм басқа да хызметлерди электрон тәризине өткериў тек ғана қолайлық жаратады. Электрон тәризиндеги жумысқа өтилсе оқытыўшылар саатлап ҳүжжет толтырыўы, қағазпазлық пенен шуғылланыўының кереги болмайды. Мағлыўматлар базасы оқыўшыларда идентификациялаў, денсаўлықты сақлаў, ҳуқық қорғаў ҳәм басқа да системалар менен байланысыў имканиятын береди.

Бул ушын мектеплерди Интернет тармағы менен қамтыўды кеңейтиў талап етиледи. Ҳәзирги күнде бул бағдардағы көрсеткиш, тилекке қарсы, тек ғана 7 процент болып тур. Усынан келип шыққан ҳалда, Халық билимлендириў министрлиги басшылығына тийисли қарардың жойбарын таярлаў, онда системаны басқарыў бойынша барлық дәрежедеги шөлкемлестириў структураларын қайта көрип шығыў ўазыйпасы жүкленди.

Мәжилисте шығып сөйлегенлер улыўма орта билимлендириў тараўында реформаларды жеделлестириў, билимлендириўдиң сапасын кескин жақсылаў, оқытыўшылардың абырайын арттырыў, информация-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў, оқыў-тәрбиялық ҳәм  басқарыў процесслерин жетилистириў, басшы хызметкерлердиң жумысына көз-қарасты түп-тийкарынан өзгертиў бул тараўда пүткиллей жаңа система қәлиплесиўине хызмет ететуғынын атап өтти.

Ҳақыйқатында да, оқыўшының мектепти жетик, бийғәрез турмысқа таяр инсан болып питкериўи оқытыўшының жумысына тиккелей байланыслы. Солай екен, бәринен бурын, оқытыўшының жәмийеттеги абырайын арттырыў әне усы ийгиликли арзыў-нийетлеримизге ерисиўдиң әҳмийетли тийкары болып табылады.

ӨзА