Депутатлар Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде елимиздиң социаллық-экономикалық турмысындағы ҳәр қыйлы тараўларда әмелге асырылып атырған реформаларды тереңлетиўге қаратылған нызам жойбарларын көрип шықты.

Дәслеп Нызамшылық палатасындағы сиясий партиялар фракцияларының ҳәм Өзбекстан экологиялық ҳәрекети депутатлық топарының мәжилислери өткерилип, оларда төменги палатаның күн тәртибине киргизилген мәселелер дәслепки тәризде көрип шығылған еди. Нызам жойбарларын додалаўлардың нәтийжелери бойынша оларды жетилистириўге байланыслы усыныслар ислеп шығылып, пикирлер билдирген еди.

Депутатлар өз жумысларын жаңа басылымдағы «Мәмлекетлик бажыхана хызмети ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шығыўдан баслады. Атап өтилгениндей, елимиз экономикасының барлық тараўлары менен тармақларында болғаны сыяқлы бажыханаға байланыслы нызам ҳүжжетлерин буннан былай да либералластырыў, елимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў мақсетинде бажыхана рәсмийлестириўлерин әпиўайыластырыў, сыртқы экономикалық жумысты жүргизиў бойынша соңғы жыллары әҳмийетли стрктуралық өзгерислер исленбекте.

Усы нызам жойбары менен бажыхана уйымлары өз хызмет ўазыйпаларын орынлаў ўақтында нызамлылық, ашық-айдынлық және физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқуқларын, еркинликлерин, нызамлы мәплерин тәмийинлеўге қатаң әмел етиў исине байланыслы нормалар белгилеп қойылмақта. Сондай-ақ, исбилерменлик жумысына нызамсыз араласыў, жеке меншик мүлк ийелериниң ҳуқуқларын бузғанлығы ушын бажыхана уйымлары хызметкерлериниң жуўапкершилигин арттырыў, сыртқы экономикалық жумысты әмелге асырыўға байланыслы тәртип-қағыйдаларда ашық-айдынлықты тәмийинлеў және жумысын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын ислеп шығып, оларды әмелиятқа енгизиў мәселелери ҳуқықый жақтан беккемленбекте.

Депутатлардың пикиринше, нызам жойбарының қабыл етилиўи бажыхана уйымлары жумысының ҳуқықый тийкарларының жетилисиўине, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери және сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларын исенимли қорғаў кепилликлерин нәтийжели тәмийинлеў бойынша қосымша ҳуқықый механизмлердиң енгизилиўине хызмет етеди.

Буннан соң Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери бойынша комитет ағзаларынан ибарат бир топар депутатлар тәрепинен ислеп шығылып, додалаўға киргизилген «Қайта тикленетуғын энергия дәреклери ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.

Атап өтилиўинше, бүгинги күнде көмир, нефть, тәбийғый газ ҳәм уран сыяқлы қазылма байлықлар дүнья энергетика балансының тийкары болып есапланады. Бирақ қазып алыў ҳәм пайдаланыў процесслеринде олардың резервлери жылдан-жылға азайып бармақта. Келешекте экономиканың раўажланыўы, халық санының өсиўи және әдеттеги энергия тәмийнатына болған энергия ресурсларынан пайдаланыў көлеми жылдан-жылға артып баратуғыны тәбийғый. Раўажланған сырт еллерде қәлиплескен әмелият соны көрсетеди, углеводород шийки затының жетиспеўшилиги ҳәм баҳаларының турақсызлығы себепли пүткил дүньяда қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Елимизде де соңғы ўақытлары усы бағдардағы әмелий жумысларға кирисиў мақсетинде бир қатар илажлар алып барылмақта. Сол көзқарастан келип шығып, депутатлар экономикасы ҳәм санааты жедел пәтлер менен раўажланып атырған Өзбекстанда да усы тараўдың раўажланыўы ушын ҳуқықый тийкар болып хызмет ететуғын нызамның жаратылыўын дәўирдиң өзи талап етип атырғанын айрықша атап өтти.

Нызам жойбарын ислеп шығыўдан гөзленген мақсет елимиздиң турақлы раўажланыў ўазыйпаларын әмелге асырыў шеңберинде экономика тармақларында ҳәм социаллық тараўларда энергия нәтийжелилигин және жанылғы-энергетика балансының диверсификация дәрежесин арттырыў, елдиң энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, халық саламатлығы ушын оғада қәўипли есапланған ыссыхана газлери тасландыларын азайтыў ушын қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыў көлемин кеңейтиўден ибарат.

Нызам жойбары менен қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыў тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў илажларын ҳуқықый тәртипке салыў, қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыў тараўында мәмлекетлик басқарыўдың ҳуқықый тийкарларын белгилеў нәзерде тутылған.

Депутатлардың пикиринше, нызам жойбарының қабыл етилиўи Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленгениндей 2017-2021-жылларда экономика тармақларында ҳәм социаллық тараўда энергия нәтийжелилигин арттырыў, қайта тикленетуғын энергетиканы буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў имканиятын береди.

«Адолат» соицал-демократиялық партиясы өзиниң сайлаўалды бағдарламасында инновациялық технологияларды, соның ишинде, қайта тикленетуғын энергетиканы раўажландырыўды өз мақсетлеринен бир екенин атап өткен. Сонлықтан да усы партия фракциясының ағзалары мәселеге оғада сын көзқарас руўхында қатнас жасап, талапшаңлық көрсетип, жойбар үстинде қатаң жумыс алып барыў зәрүрлигин уқтырған еди. Басқа партия фракцияларының билдирген усынысларынан өзгеше түрде, жойбардың концептуаллық мақсетлерин сақлап қалған халда, оның бир қатар нормалары менен қағыйдаларын кең қәнигелердиң қатнасыўында толықтырып, екинши оқыўға киргизиў зәрүрлигин атап өтти.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясының ағзалары усы жойбар үстинде жумыс алып барыў  ўақтында нызам қабыл етилгеннен соң жүзеге келетуғын ўазыйпалар ҳәм машқалалар ҳаққында да илимий тийкарланған излениўлерди баслап жибериўге итибарды қаратты. Фракция ағзаларының пикиринше, қайта тикленетуғын энергия дәреклерин қурыў ушын технологияларды ҳәм әсбап-үскенелерди дәслепки жылларда сырт елден келтириўге зәрүрлик туўылады. Күн сайын азайып баратырған тәбийғый байлықларды сақлап қалып, энергиялар, соның ишинде, қуяш энергиясы инсаният қолына өтсе де, инновациялардың барлығы соңғы шешим –  энергия ушын халықтың төлеўи керек болған өзине түсер баҳасының артып кетпеўин ҳәзирден-ақ терең илимий тийкарда үйренип шығыўды талап етеди. Усы көзқарастан жойбарды кейинги оқыўларда додалаўға шекем оның интакерлери депутатларға усы мәселеде тийкарланған түсиник бериўи зәрүрлиги атап өтилди.

Сиясий партиялар фракцияларының қызғын додалаўларынан соң ҳәр еки нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди ҳәм жуўапкер комитетлерге додалаўлар ўақтында билдирилген пикир-усынысларды инабатқа алған ҳалда, екинши оқыўға таярлаў ўазыйпасы жүкленди.

Мәжилисте, сондай-ақ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети