Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-декабрьдеги «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органларының финанслық еркинлигин арттырыў, жергиликли бюджетлерге түсимлердиң толықлығын тәмийинлеў бойынша салық ҳәм финанс органларының жуўапкершилигин күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПФ-5283-санлы Пәрманы талапларына муўапық, Қанлыкөл районлық мәмлекетлик салық инспекциясы тәрепинен қосымша дәраматларды анықлаў, салық салыў базаларын кеңейтиў бойынша «Жол карталары» ислеп шығылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.

«Жол карталары» тийкарында 2018-жылдың 2-шереги ушын жергиликли бюджетке режеде 2 361,7 млн сўм болып, ҳақыйқатта 3 139,9 млн сўм, 132,9 пайызға, яғный 778,2 млн сўм түсим артығы менен орынланған.

Районлық жергиликли бюджет дәраматларына жәми 4057,7 млн сўм қосымша дәрамат табыў төмендегише режелестирилген:

1.Физикалық шахслардың мүлклери ҳәм жер участкаларын мәмлекетлик салық органларында толық есапқа алыў ҳәм мүлкти кадастр баҳасынан келип шығып есаплаў арқалы түсимди көбейтиў есабына 164,8 млн сўм;

2.Базарлар ҳәм автостанциялардан бюджетке дәраматлар түсимин көбейтиў есабына 44,6 млн сўм;

3.Нызамсыз исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған физикалық шахсларды салыққа тартыў есабына 48,9 млн сўм;

4.Салық ҳәм финанс есабатларын банк, бажыхана, кадастр ҳәм басқада мағлыўматлар менен салыстырыў арқалы жасырылған товар айланбаларын анықлаў ҳәм салыққа тартыў, камерал қадағалаў менен қамтып алыў есабына 1049,9 млн сўм;

5.Юридик ҳәм физикалық шахслардың салық қарызларын судқа шекем өндирилиўин тәмийинлеў есабына 259,3 млн сўм;

6.Мәжбүрий орынлаў бюросы менен биргеликте салық қарызларын өндириў есабына 668,2 млн сўм;

7.Экспорт көлемин арттырыў есабына 1009,1 млн сўм;

8.Нызамсыз автотранспорт хызметин көрсетип атырған пуқараларды анықлаў ҳәм салыққа тартыў есабына 10,0 млн сўм;

9.Ҳәрекетин тоқтатқан кәрханаларды тиклеў, финанслық қоллап-қуўатлаў жаңа проектлердиң иске түсиўи есабына 46,2 млн сўм муғдарларындағы қосымша түсимлер базасын анықлаў белгиленген.

Ҳәзирги күнде усы жылдың 2-шереги даўамында  2526,4 млн сўм муғдарында қосымша түсимниң түсиўине ерисилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги