Өзбекстанда мектеп директорларын сайлайтуғын Бақлаў кеңеслери шөлкемлестириледи. Бул ҳаққында ҳүкиметтеги дәрек Kun.uz сайтына мәлим еткен.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң режелерине муўапық, кеңеслер белсенди ата-аналар ҳәм мектептиң табыслы питкериўшилеринен қәлиплестириледи.

– Бақлаў кеңеслери Халық билимлендириў министрлигиниң усынысына муўапық директорларды сайлаў, мектептиң бюджет ҳәм бюджетлик емес қаржылары, соның ишинде директор қорын қадағалаў ҳуқықына ийе болады, – деп айтылған хабарда.

Және бир әҳмийетли өзгерис реформаларды әмелге асырыў мақсетинде Халық билимлендириў министрлигиниң басқарыў мәкемелери структурасын қайта көрип шығыў болады. Халық билимлендириў министри министрликтиң структурасына улыўмалық муғдар шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳәм халық билимлендириў тараўындағы барлық мәселелер бойынша шешим қабыл етиў ҳуқықына ийе болады. Атап айтқанда, министр Мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, оқыўлық режелер, хызметкерлерди хошаметлеў, халық билимлендириў тараўындағы қәрежетлер сметасын еркин қәлиплестириў ҳуқықына ийе болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги